Бир қатар халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм 40 тан аслам мәмлекет елшилери Қарақалпақстанға келди
Бир қатар халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм 40 тан аслам мәмлекет елшилери Қарақалпақстанға келди
1326
Бүгин Қарақалпақстан Республикасына 40 тан аслам сырт мәмлекетлериниң ўәкиллери келди. Делегация қатарында 40 тан аслам мәмлекет елшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми раўажланыў бағдарламасы, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Халықаралық қызыл атанақ көмитети, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ўәкиллери республикамыз аймағына келген болып, мийманларды дәслеп Мойнақ аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев салтанатлы түрде күтип алды. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Б.Саидов қатнасты.
Буннан кейин делегация ағзалары Арал теңизи тарийхы музейи ҳәм ашық аспан астындағы кемелер комплексин барып көрди. Бул жерде мийманлар бир ўақытлары Өзбекстанның балықшылық санаатына қәнигелескен бирден-бир порт қаласы есапланған Мойнақтың балықшылық өндириси, Арал теңизи менен байланыслы естеликлер, пуқаралардың жасаў тәризин сәўлелендириўши картиналар ҳәм басқа да тарийхый экспонатлар менен жақыннан танысты.
Буннан соң Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, соның қатарында сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер нәллерин ҳәм туқымларын егиў процеси көзден өткерилди. Атап өтиў орынлы, Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайзарлықларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте. Бул әмелий жумыслардың нәтийжесинде 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 млн. 624 мың гектар майданларға шөл өсимликлери егилди.
Буннан соң мийманлар менен биргеликте Арал теңизиниң қурыған ултанынан 70 км қашықлықта жайласқан майданларда пайда етилген жасыл тоғайзарлықлар, сексеўилликлер көрип шығылды. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз басшылығында Арал теңизиниң қурыған майданларында жасыл қапламаларды пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.
Арал теңизи майданларына сапар даўамында Арал бойы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентациялар жыйналғанлар нәзерине усынылды. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Президентимиз басшылығындағы Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша әмелий жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Сондай-ақ, өткерилген илажда халықаралық шөлкемлер ўәкиллери Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың көтерилиўиниң алдын алыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында презентациялары менен бөлисти.
Буннан соң мийманлар Мойнақ аэропортынан Нөкис қаласына жол алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети