Өзбекстан Президенти БАӘ менен инновациялық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти
1351
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий басшылығындағы делегация менен 4-апрель күни өткерилген ушырасыўында жоқары технологиялар, жасалма интеллект, санластырыў, қала инфраструктурасын модернизациялаў бағдарындағы анық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў перспективалары, аймақлардың саўда-инвестициялық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарлар болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме саммит күн тәртибиниң тийкарын қураўы керек екенин атап өтти.
Буннан тысқары, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, басқарыўда профессионал кадрларды ҳәм программистлерди таярлаў, электрон ҳүкиметти енгизиў бағдарларында ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўден мәпдар екенлиги билдирилди.
Министр ал-Гаргавий мәмлекетимиз басшысына Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян ҳәм мәмлекеттиң Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактумның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти тәрепинен ағымдағы бағдарламаларды жеделлестириў ҳәм перспективалы жойбарларды таярлаўды нәзерде тутатуғын «жол картасы»н жаңалаў бойынша тапсырмалар берилди.
Жуўмағында министр ал-Гаргавийге Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды кеңейтиўге қосқан үлкен үлеси ҳәм Жаңа Өзбекстандағы реформалар бағдарламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны ушын мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – «Дўстлик» ордени тапсырылды.