Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды
Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды
1505
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестириў мәселесине арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Даулетияров Шухрат Қидирбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
Шухрат Даулетияров усы күнге шекем қурылыс тараўы бойынша жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп келген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети