Нөкис қаласында халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм елшилеринен ибарат делегацияның республикамызға сапары даўам етти
Нөкис қаласында халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм елшилеринен ибарат делегацияның республикамызға сапары даўам етти
1209
Қарақалпақстан Республикасына 40 тан аслам мәмлекет елшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми раўажланыў бағдарламасы, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Халықаралық қызыл атанақ көмитети, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ўәкиллери келген болып, бүгин мийманлар Нөкис қаласындағы «Алтын жағыс» мәкан пуқаралар жыйынына барды.
Делегация ағзалары аймақта «Сүмелек сейили»нде қатнасып, мәҳәлледеги жергиликли шаңарақта мийманда болды. Сондай-ақ, миллий өнерментшилик үлгилерин көзден өткерди ҳәм Президентимиз басшылығында аймақ турғынларының турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында мәҳәлледе алып барылған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, бул бағдарда мәҳәлле имаратында жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов пенен биргеликте Нөкис қалалық перинетал орайы қурылыс жумыслары көзден өткерилди.
Мийманлар Қарақалпақстан медицина институты Клиникасында болып, бул жерде институт ректоры О.Атаниязова тәрепинен балалар саламатлығын беккемлеў, нуқсаны бар балалардың операцияларын өткерип бериў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди ҳәм клиникада жаратылған шараятлар биргеликте көрип шығылды.
Нөкис қаласында делегация ағзалары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине барды ҳәм «Саҳра лувр»ын тамашалады.
Сапар жуўмағында салтанатлы сарайда түслик аўқат шөлкемлестирилип, миллий тағамларымыздан ибарат дастүрхан жайылды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев делегация ағзаларына жақсы тилеклер тилеп, оларды республикамыз аймағында және бир мәрте көриўден қуўанышлы болатуғынлығын билдирди ҳәм бирге ислесиўге барқулла таяр екенлигин атап өтти.
Усының менен халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм елшилеринен ибарат делегацияның республикамызға сапары жуўмақланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети