Халықты турақ жай менен тәмийинлеў көлеми және де кеңейеди
1668
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-апрель күни жаңа турақ жайлардың қурылысы ҳәм 2023-жылғы ипотека бағдарламасы бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Кейинги алты жылда мәмлекетимиз халқы 5 миллион 500 мыңға өсип, 36 миллионнан асты. Оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде турақ жайлар қурылмақта.
Атап айтқанда, 2017-жылдан баслап, 326 мың жаңа турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылған. Бул дәўирде турақ жай менен тәмийинлеў халықтың жан басына 18 процентке артқан.
Буның ушын кейинги үш жылда банклер 210 мың шаңараққа 33 триллион сум муғдарында ипотека кредитлерин ажыратқан. Мүтәж 73 мың шаңараққа басланғыш төлем ҳәм процент төлемлери ушын 1,3 триллион сум субсидия берилген.
Тараўға базар принциплери енгизилгени нәтийжесинде жүзлеген жеке меншик буйыртпашы компаниялар қәлиплести. Жыйналмалы темир-бетонлы көп қабатлы турақ жайлар қуратуғын 11 ири кластер пайда болды. Исбилерменлерге шараят жаратылғаны себепли цемент, газоблок, кафель, керамогранит ислеп шығарыў көбейип, олардың баҳасы бираз арзанласты.
Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, өткен жылы 60 мың квартиралы турақ жайлар қурылды. 31 аймақта «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў бағдарламасы басланды.
Мәжилисте, бәринен бурын, усы бағдарламаның орынланыўы сын көзқарастан додаланды. Әндижан ҳәм Хорезмде жер дурыс таңланғаны, инфраструктура жаратылғаны нәтийжесинде қурылыс жедел кетип атырғаны, бирақ қалған ўәлаятларда бул жумыслардың кешигип атырғаны көрсетип өтилди. Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлериниң қурылыс бойынша орынбасарларына интизамий шара көрилди. Жуўапкерлерге инфраструктура, қурылыс ҳәм сатыўға байланыслы мәселелерди шешиўге байланыслы тапсырмалар берилди.
Улыўма етип айтқанда, усы жылы турақ жай қурыў көлемин 1,5 есеге арттырып, 90 мыңға жеткериў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслар ҳәр бир ўәлаяттың экономикалық көрсеткишлериниң өсиўине үлкен түртки беретуғынын атап өтти. Сол себепли халық ҳәм қурылысшылар ушын 4 бағдарда жаңа жеңилликлер менен имканиятлар белгиленди.
Бириншиден, көбирек халықты қамтып алыў мақсетинде рәсмий дәраматы жетерли болмаған халыққа да ипотека кредитин алыў имканияты жаратылады. Олардың төлем қәбилетин анықлаўда банк картасындағы айланыс, ижара, коммунал ҳәм басқа да қәрежетлерге төленген пуллары да есапқа алынады.
Дәслепки төлемди көбирек төлеген пуқаралар банктен арзанырақ кредит алыў имканиятына ийе болады. Субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек жумсаў ушын субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсириледи. Соның менен бирге, усы айлар даўамында сертификатынан пайдаланбаған пуқараларға субсидия алыў ушын және қайта мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине ипотека кредити ушын қаржы ҳәм субсидия ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Халықты арзан турақ жайлар менен тәмийинлеўге қаратылған және бир жойбар – «Мениң биринши үйим» бағдарламасы. Буның ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги жанында арнаўлы турақ жай компаниясы шөлкемлестириледи. Ташкент ўәлаяты Зангиата районынан 36 гектар жер ажыратылып, 58 көп қабатлы турақ жай, социаллық мәкемелер, кеўилашар орынлар қурылады. Онда исбилерменлерге саўда ҳәм коммерциялық майданларды базар баҳасында сатыў арқалы турақ жайлардың баҳасын арзанлатыўға ерисиледи.
Жуўапкерлерге бул қалашаның мастер режесин жуўмақлап, эксперт ҳәм жәмийетшилик додалаўынан өткериў ўазыйпасы қойылды.
Екиншиден, қурылыстың өзине түсер баҳасын төменлетиў ушын ағаш, фанера, ағаштан исленген опалубка ҳәм айнаны импорт етиўде 2025-жылға шекем бажыхана бажысы бийкар етиледи. Жоқары маркалы цемент бойынша бажыхана бажысының жеңиллиги және 1 жылға созылады. Буның есабынан турақ жай қурыўдың өзине түсер баҳасы 5 процентке шекем төменлейди.
Жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге қурылып атырған турақ жайды қабатпа-қабат гиреўге қойыў ҳәм ҳәр бир қабаты ушын кредит алыў ҳуқықы қурылысшы компанияларға ҳәр бир көп қабатлы турақ жай ушын компенсация ҳәм кепиллик бериледи.
Банклер беретуғын кредитлерди мәмлекет тәрепинен қайта қаржыландырыў әмелияты даўам еттириледи.
Үщиншиден, турақ жайлардың өз ўақтында пайдаланыўға тапсырылыўы ҳәм өтимлилигинде коммуникация тийкарғы мәселе. Сол себепли, Экономика ҳәм қаржы министрлигине инфраструктура ушын зәрүр қаржы ажыратыў, ўәлаят ҳәкимлерине жаңа массивлерде ишки жолларды қурыў бойынша көрсетпелер берилди.
Ески турақ жайлар көп болған қалаларда реновация бағдарламасына талап артып атыр. Мәмлекетимиз басшысы буның ҳуқықый тийкары болыўы керек екенин атап өтип, «Реновация ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыўды усыныс етти.
Және бир мәселе – бүгинги күнде көп жерлердеги қурылыслар олардың инфраструктурасының қуўатлылығына сәйкес емес. Мысал ушын, Ташкент қаласының халқы ҳәр жылы 100 мыңға көбеймекте, жылына қосымша 20 мың шаңараққа мүтәжлик бар. Қала ақаба суў тазалаў имаратлары қуўатлылығынан бираз артық жүклеме менен ислеп атыр.
Соның ушын енди суў, ақаба, электр, газ, жол инфраструктурасын жақсылаўға инвестор-девелоперлер де тартылатуғыны мүмкин екени айтылды.
Төртиншиден, усы жылы 90 мың турақ жай режеси қурылыс материаллары кәрханалары ушын үлкен базар. Бирақ, темир-бетон ислеп шығарыўшы 3 мыңға шамалас кәрхананың ярымында лаборатория жоқ екени атап өтилди.
Президентимиз бул өнимлер турақ жайлардың сапасына тәсир етиўши тийкарғы фактор екенин атап өтип, барлық усындай кәрханаларда заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў талабын қойды.
Кейинги айларда дүнья жүзинде де, регионымызда да сейсмологиялық белсендилик бақланып атыр. Сол себепли 1-майдан баслап, қурылыс мөлшерленген майданда инженерлик-геологиялық экспертиза өткериў мәжбүрий болатуғыны, сейсмологиялық қәўипсизлик талаплары жоқары болған имарат-объектлер тек ғана рейтинги бәлент кәрханалар тәрепинен қурылатуғыны белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы қалалардың дренаж системасында жүзеге келип атырған машқалаларға да тоқтап, оны шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
– Ипотека – ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық жақтан әҳмийетли мәселе. Соның ушын қурылыс жумысларын жеделлестирип, халқымызға турақ жайларды сапалы етип тапсырыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.