Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында 2020-жыл 20-ноябрь күни өткерилген мәжилисте 11-класс оқыўшыларының Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәнинен алған теориялық билимлерин беккемлеў мақсетинде әмелият, яғный оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў белгиленген еди.
Усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги менен Халық билимлендириў министрлигиниң қоспа қарары қабыл етилип, усы қарар тийкарында быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11-класстың жәми 8 мың 700 оқыўшысы арасында оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў, сондай-ақ, жәмлеспеген жаслар менен мәдений ҳәмде психологиялық илажлар шөлкемлестириў белгилеп алынған.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Арқа-Батыс əскерий округиниң жаўынгерлик полигонына барып, 11-класс оқыўшыларының әскерий оқыў-шынығыўлары менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас сəркардасы тəрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, қураллы күшлеримиздиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, əскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, оларға ҳəм шаңарақ ағзаларына барлық қолайлы шараятлар жаратыў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, оқыў-шынығыўларында билим-көнликпелерин арттырып атырған жасларға табыслар тиледи.
Айтып өтиў орынлы, бул оқыў-шынығыўлары 27-мартта, яғный Өзбекстанда биринши болып Арқа-Батыс əскерий округинде басланды. Соннан ҳəр күни 450 бала, бүгинги күнге дейин жəми 5188 бала бул əҳмийетли илажда қатнасыў бахтына миясар болған болса, қалған 3512 баланы 17-апрельге дейин толығы менен қатнастырыў режелестирилген.
Оқыў-шынығыўлары барысында жасларымыз әскерий техникалар менен жақыннан танысып, оқ атар қуралларынан пайдаланыў көнликпелерин өзлестирмекте. Соның менен бирге, оқыў-шынығыўлары барысында оқыўшылардың әскерий билимлерин беккемлеў бойыншада бир қатар көргизбели шынығыўлар шөлкемлестирилген.
Жаслар менен ушырасыў даўамында олардың әскерий таярлығы ҳәм жаўынгерлик шынығыўларды орынлаў қәбилети көзден өткерилди.
Илаж даўамында оқыўшы-жаслар ушын әскерий техникалар ҳәм қураллардан ибарат көргизбе усынылды.
Айтып өтиў керек, ҳəр бир ер азамат ушын əскерий форма кийип, өзин Ўатан қорғаўшысы сыпатында сезиниў – бул үлкен бахыт саналады. Сонлықтан, жасларды миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың әскерий көнликпелерин беккемлеў бойынша өткерилип атырған илажлар буннан-былайда даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети