Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
1222
Әзелден халқымыз арасында көпшиликке сөзи өтетуғын, халықты өзине қаратып, машқалаларына шешим табыўда белсендилик көрсететуғын кәтқуда инсанлардың орны үлкен болған. Бундай инсанлар көше бийи деп аталып, олардың атқаратуғын хызмети салмақлы болып келген.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев екинши мәрте Тақыятас районындағы көше бийлери менен ушырасты. Атап өтиў керек, өткен 2022-жылы да Жоқарғы Кеңес Баслығы көше бийлери, район белсендилери менен ушырасқан еди.
Бүгинги өткерилген ушырасыў да ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Жақында ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында айрықша республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламаларды көтерген еди. Усы басламалар қатарында, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы, оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум бағдарланатуғынлығын атап өткен еди.
Әлбетте, бул жаңалық мәҳәллелердеги биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын жаңаша механизм болды десек алжаспаған боламыз. Себеби, ендигиден былай машқала мәҳәллениң өзинде көтерилип, мәҳәлле ақсақаллары, белсендилер, көше бийлери ҳәм пуқаралардың қәлеўи менен сол мәҳәллениң өзинде шешим табыў имканиятына ийе болды.
Буннан тысқары, кадастры жоқ 38 мың турақ жай бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп берилиўи, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылыўы, оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылыўы белгилеп берилди.
Өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы турмысқа енгизилип атырған жаңалықлар, түпкиликли реформалар кең түрде сөз етилди.
Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди.
Ҳақыйқатында да, әзелден “Дослық қаласы” сыпатында белгили болған Тақыятас районында түрли миллет ҳәм елат ўәкиллери тынышлықта, аўызбиршиликли түрде татыў турмыс кеширип келмекте. Бүгинги жетискенликлер менен бир қатарда, мәҳәллелерде айырым шешимин табыўын күтип турған машқалалар да баршылық. Жоқарғы Кеңес Баслығы менен өткерилген ушырасыўда көше бийлери бул мәселелерди шешиўде “бир жеңнен қол шығарып” ҳәрекет етилсе әлбетте, барлық машқалалар өз шешимин табатуғынлығын айрықша тилге алды.
Өткерилген ушырасыў даўамында көше бийлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер ҳәм усыныслар көтерилип, олардың барлығы шешимин табыў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети