Нөкис қаласындағы зәўлим сарайда ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды
Нөкис қаласындағы зәўлим сарайда ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды
1655
Бүгинги күнде республикамыздың барлық аймақларында мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги кексе-нураныйлар, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары ҳәм жас шаңарақлар ушын аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик белгиси болған ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылып атыр.
Нөкис қаласында бүгин зәўлим сарайда «Ҳаўа жоллары» ҳәм «Қутлы қоныс» мәҳәллелериниң бир қатар нураныйлары, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары ушын мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды.
Ифтарлық Қураны Кәрийм тиләўаты менен басланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен қутлықлады.
Ифтарлық дастурханы әтирапында бүгинги тыныш, абадан турмысымызға шүкиршилик келтирилип, кеңпейил халқымыздың аўызбиршилиги, татыўлығы даўамлы болсын деген жақсы нийетлер билдирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети