Инсан қәдири улуғланған елде ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды
Инсан қәдири улуғланған елде ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды
1868
Нөкис қаласында 8-апрельде басланған қабыллаў 2 күн яғный 9-апрель күни де түнги саат 23:00 ге шекем даўам етти. Бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында пуқаралардың машқалаларына шешим табыў, олардың турмыс абаданлығын, ең баслысы, бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында барлық илажлар көрилмекте. Бунда барлық илажлар ҳәм гөзленген мақсетлер «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем»-деген принцип әтирапында жамленген.
Усы жылдың 8-апрель күни Нөкис қаласындағы Саўда-санаат палатасы имаратында Нөкис қаласы пуқаралары ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти. Қабыллаў 9-апрельде Истиқлол балалар дем алыў бағында түнги саат 23:00 ге шекем даўам етти.
Өткерилген еки күнлик қабыллаўда өзиниң машқалалары менен 650 пуқара Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти ҳәм оларға орнында шешим табыў илажлары көрилди.Өткерилген қабыллаўда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановта қатнасып, пуқаралардың мүрәжатларын қабыллады. Пуқаралар тәрепинен тийкарынан медициналық жәрдемлер көрсетиў, операция төлемлерин төлеп бериў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, мектепке шекемги тәлим, банк кредитлери менен байланыслы мәселелер, жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысында ушырасып атырған машқалалар, мәҳәллелердеги жол, ишимлик суў, газ мәселелери, турмыслық, социаллық машқалалар, турақ-жайларын оңлап бериў ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги яғный 580 мүрәжат орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгин барлық орынларда халқымыздың мүшкилин жеңиллетиў, олардың машқалаларына шешим табыў, ең баслысы инсан қәдири улуғланған елде ҳәр бир инсан қәдирленетуғынлығын әмелде халқымызға көрсетип бериў бойынша барлық зәрүрли ис-илажлар ҳәм ийгиликли жумыслар даўам еттирилмекте. Усы ийгиликли идеяларға тийкарланған көшпели қабыллаўлар да орынларда өткерилиўи даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети