Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
1174
Халқымыз арасында көше бийлериниң орны, атқаратуғын хызмети ҳәм абыройы салмақлы болып келген. Өзлериниң даналығы, көпшиликке гәпи өтимлилиги менен де олар ажыралып туратуғын болған.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районындағы көше бийлери менен ушырасты.
Бүгинги өткерилген ушырасыў да ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан сөйлесилди ҳәм шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында айрықша республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламаларды көтергени, усы басламалар қатарында, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатылғанлығы, оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум бағдарланатуғынлығы бойынша атап өтилди.
Ендигиден былай машқала мәҳәллениң өзинде көтерилип, мәҳәлле ақсақаллары, белсендилер, көше бийлери ҳәм пуқаралардың қәлеўи менен сол мәҳәллениң өзинде шешим табыў имканиятына ийе болады. Мәҳәлледеги бир қатар ең әҳмийетли мәселелер өз шешимин табады.
Буннан тысқары, кадастры жоқ 47 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп берилетуғынлығы, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылда 4 мың турақ жай қурылыўы, оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылыўы белгилеп берилди.
Өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы турмысқа енгизилип атырған жаңалықлар, түпкиликли реформалар кең түрде сөз етилди.
Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди.
Ҳақыйқатында да, халқы мийнеткеш ҳәм ҳақкеўил Елликқала районында түрли миллет ҳәм елат ўәкиллери тынышлықта, аўызбиршиликли түрде татыў турмыс кеширип келмекте. Бүгинги жетискенликлер менен бир қатарда, мәҳәллелерде айырым шешимин табыўын күтип турған машқалалар да баршылық.
Жоқарғы Кеңес Баслығы менен өткерилген ушырасыўда көше бийлери бул мәселелерди шешиўде аўызбиршиликли түрде ҳәрекет етилсе, әлбетте мақсетке ерисилетуғынлығын айрықша тилге алды.
Өткерилген ушырасыў даўамында көше бийлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер ҳәм усыныслар көтерилип, олардың барлығы Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети