Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жақында халық арасындағы бар болған машқалаларға шешим табыў, ең әҳмийетли мәселелерди анықлап, белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен өз ушырасыўларын баслаған еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районындағы көше бийлери менен ушырасты. Өткерилген ушырасыў ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында айрықша республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында көтерилген бир қатар әҳмийетли басламалар ҳаққында атап өтти. Соннан, усы басламалар қатарында, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатылғанлығы, оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум бағдарланатуғынлығы айтып өтилди. Ендигиден былай машқала мәҳәллениң өзинде көтерилип, мәҳәлле ақсақаллары, белсендилер, көше бийлери ҳәм пуқаралардың қәлеўи менен сол мәҳәллениң өзинде шешим табыў имканиятына ийе болады. Мәҳәлледеги бир қатар ең әҳмийетли мәселелер өз шешимин табады.
Буннан тысқары, кадастры жоқ 47 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклерге тийисли ҳүжжетлер ислеп берилиўи, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылыўы, оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылыўы белгилеп берилди. Өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы турмысқа енгизилип атырған жаңалықлар, түпкиликли реформалар кең түрде сөз етилди. Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди. Төрткүл районында бүгинги күнде бир қатар жетискенликлер менен бирге, мәҳәллелерде айырым шешимин күтип турған машқалалар да баршылық. Жоқарғы Кеңес Баслығы менен өткерилген ушырасыўда көше бийлери аймақларындағы әҳмийетли мәселелерди көтерди.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен көтерилген мәселелерге шешим табыў Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети