Халық арасындағы машқалалардан тиккелей хабардар көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди
Халық арасындағы машқалалардан тиккелей хабардар көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди
852
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халқымыздың машқалаларына шешим табыў мақсетинде аймақларда баслаған көшпели қабыллаўлары менен бир қатарда ең әҳмийетли мәселелерди анықлаў ҳәм сапластырыў ушын көше бийлери менен өз ушырасыўларын баслаған еди. Бугин Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың қубла районларындағы көше бийлери менен ушырасыўлар шеңберинде Беруний районында болды.
Өткерилген ушырасыў ашық-айдын сөйлесиў, пикирлесиў усылында болып, көше бийлери менен шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди. Онда көше бийлери тәрепинен бир қатар итибардан шетте қалып кеткен, бирақ, өз шешимин таппай киятырған мәселелер көтерилди.
Әлбетте, аймақлардағы машқалалар бүгин ямаса кеше пайда болған машқалалар емес, ал жыллар даўамында жыйналып киятырған мәселелер есапланады. Сонлықтан, аўызбиршилик пенен барлық машқалаларды системалы шешиў бойынша мәселелер қарап шығылды. Өз нәўбетинде көше бийлери ҳүрметли Президентимиз тәрепинен оларға көрсетилип атырған итибардан миннетдар екенликлерин билдирди. Әлбетте бундай ушырасыўлар халқымыздың тилек ҳәм өтинишлерин үйрениў, оларды әмелге асырыўда оғада әҳмийетли. Бугин Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың қубла районларындағы көше бийлери менен ушырасыўлар шеңберинде 1765 көше бийи менен ушырасып, жақыннан пикирлести.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети