Жаслар ушын жаңа имканиятлар белгиленди
2621
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-апрель күни жаслар сиясаты тараўындағы жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде 30 жасқа шекемги жаслар 19 миллионнан аслам ямаса халықтың 55 процентин қурайды. Мийнет базарына ҳәр жылы 600 мың жаслар кирип киятырған болса, келеси 10 жылда бул сан 1 миллионға жетеди.
Сол себепли жасларға сапалы билим бериў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул жумысларды мәҳәлледе шөлкемлестириў бойынша вертикал басқарыў системасы жаратылды. 9 мың 500 мәҳәллеге пидайы ҳәм интакер жаслар жетекшилери тайынланды. Бул система арқалы жасларға 100 ден аслам имканиятлар жаратылды, оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў жолға қойылды.
Соның ишинде, өткен жылдың өзинде жаслар исбилерменлиги ушын 4 триллион сум кредит берилип, 150 мың жойбар иске қосылған, 325 мың жумыс орны жаратылған. 43 мың гектар егислик майданы ажыратылып, 435 мың жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. 32 мыңнан аслам жасларға субсидия арқалы әсбап-үскене, мийнет қураллары ҳәм компьютер алып берилген.
Социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша да көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, өткен жылы 130 мың студентке 1 триллион 700 миллиард сум тәлим кредити берилди, ҳаял-қызлардың магистратурада оқыўы бийпул болды. 53 мың мүтәж студентке контракт пуллары, 15 мыңнан аслам жасларға әскерий хызмет ҳәм 13 мыңға шет тиллери бойынша имтихан қәрежетлери төлеп берилди. 81 мың студентке турақ жай ижарасы төлеми ажыратылды. «Жаслар дәптери» арқалы 300 мың жасға дерлик 600 миллиард сум муғдарында жәрдем көрсетилди.
Бирақ бул бағдарда әҳмийетли мәселелер еле де көп. Бүгинги күнде елимизде 722 мың рәсмий жумыссыз жаслар бар.
Бул тараўдағы жумысларды және де анық ҳәм мәнзилли шөлкемлестириў мақсетинде 14 жастан 30 жасқа щекемги 9 миллион ул-қызларымыз айрықша итибарға алынды. Бунда биринши рет 25 министрлик ҳәм уйымның мағлыўматлары өз-ара үйлескен электрон базаға жәмленди. Барлық жаслардың социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылығы үйренилип, «мәҳәлледен министрликке шекем» системасында ислесиў илажлары белгилеп алынған.
Мәжилисте, бәринен бурын, жумыссыз, рәсмий емес секторда бәнт болған ҳәм сырт елге жумыс ислеў ушын кетип атырған жаслар мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда көплеген жаңа басламаларды алға қойды.
Атап айтқанда, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, жумысқа қабыллаў системасын қайта көрип шығыў керек екени атап өтилди.
Мысал ушын, ҳәзирги ўақытта 103 мыңнан аслам шөлкемлерде 254 мың бос жумыс орны бар. Бирақ, өткен жылы жоқары билимлендириўди питкерген 6 мыңнан аслам, колледж ҳәм техникумды тамамлаған 30 мың жигит-қыз жумыс таба алмаған.
Сол себепли енди ҳәр бир министрлик өз тармағындағы кәсиплерге маманлық талабын өзи белгилейди. Сондай-ақ, министрликлер жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириўге буйыртпа берип ғана қалмастан, олардың оқыў бағдарламаларын бирге ислеп шығады.
Бизге белгили, 2021-жылы 25 жасқа шекемги жигит-қызларды жумысқа алған кәрханаларға социаллық салықты қайтарып бериў әмелияты енгизилген еди. Өткен дәўирде буннан 9 мыңнан аслам кәрхана пайдаланды ҳәм 100 мың жастың бәнтлиги тәмийинленди. Мәмлекетимиз басшысы бул унамлы тәжирийбе мүддетин және еки жылға созыў бойынша көрсетпе берди.
«Жаңа Өзбекстан жасларының басламалары» қоры ҳәм электрон платформасы шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Қорға 100 миллион доллар қаратылып, бул қаржылар қәбилетли жаслардың ең жақсы идея, стартап ҳәм жойбарларына қолайлы ҳәм жеңил шәртлерде, керек болса процентсиз ажыратылады.
IT-парклер бойынша тәжирийбеден келип шығып, аймақларда «Креатив парк»лер де дүзиледи. Оларға IT-парк резидентлерине берилген жеңилликлер қолланады.
«Жаслар дәптери» қорының қаржылары да көбирек кәсип үйретиўге, бәнтликти тәмийинлеўге хызмет етиўи керек екени атап өтилди. Сол себепли енди бул қор арқалы түрлес хызметлерден бир ўақыттың өзинде пайдаланыў имканияты жаратылатуғыны белгиленди.
Мәмлекет жәрдемине мүтәж жаслар ҳәр бир министрлик ҳәм оның орынбасарлары, ўәлаят ҳәм қала ҳәкимлери, сектор басшылары, ректорлар. Миллий гвардия ҳәм әскерий бөлим командирлерине атпа-ат бириктирилди. Олар өз қорғаўындағы ул-қызлардың кәсип-өнер үйрениўине, кредит, субсидия ҳәм кепиллик алыў арқалы бәнтлигине жәрдемлеседи.
Мәжилисте жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Жақында 100 мыңнан аслам жаслар арасында өткерилген сораўнамада олардың мәҳәллесинде спорт пенен шуғылланыўға шараят ҳәм кеўилашар орынлардың жетиспейтуғынын билдирген.
Сол себепли, биринши басқышта ўәлаят орайларында, кейин ала районларда күни-түни жумыс ислейтуғын жаслар сейил етиў орынларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Оларда спорт, киберспорт ҳәм интеллектуаллық ойынлар, китапқумарлық, караоке ушын шараятлар нәзерде тутылады. Сондай-ақ, ҳәр бир районда «Жаслар сейили» ҳәм дөретиўшилик көшелери, жоқары оқыў орынларында спорт лигалары, коворкинг ҳәм театр студиялары шөлкемлестириледи.
Бүгинги күнде 1,5 миллион жаслар бос ўақтын шет тилин үйрениўге бағышламақта. Олардың бул умтылыслары хошаметленип, жеке меншик орайларда тил үйрениў қәрежетлерине субсидиялар ажыратылады.
Мектеплерде дөгереклерди үскенелеў ҳәм тренерлерди қоллап-қуўатлаў, «Бәркамол әўлад» балалар орайларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди. Жаслар арасында «Кәсип өнер олимпиадалары»ның шөлкемлестирилетуғыны айтылды.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде жаслар тәрбиясы ҳәм сана-сезимине қәўип-қәтерлер барған сайын күшеймекте. Ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлоний «Ҳәр бир миллеттиң бахыт-ығбалы жаслардың жақсы тәрбиясына байланыслы болып табылады» деп атап өткен.
Бирақ руўхый ағартыўшылықтың қамтып алыўы ҳәм тәсиршеңлиги төмен екени, жаслардың қызығыўшылықлары есапқа алынбай атырғаны көрсетип өтилди.
Сол себепли, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жумысын жетилистириў, жасларды идеологиялық қәўип-қәтерлерден қорғап, оларға саламат пикирлейтуғын дәреклерди көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Улыўма етип айтқанда, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған «Жаңа Өзбекстан жаслары» бағдарламасын ислеп шығыў, нызамшылықты өзгертиў ўазыйпалары белгиленди.
Президентимиз жаслар менен ислесиў барлық басшылардың, кең жәмийетшиликтиң, пүткил жәмийетимиздиң ең тийкарғы ўазыйпасы екенин атап өтти.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер ҳәм ҳәкимлердиң мәлимлемеси тыңланды.