Алыс Қарақалпақстан посёлкасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қабыллаўы болып өтти
Алыс Қарақалпақстан посёлкасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қабыллаўы болып өтти
1290
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахттан дерлик 450 км қашықлықта жайласқан шегара аймақ, Қоңырат районы “Қарақалпақстан” посёлка пуқаралар жыйынында болып, пуқаралар менен ушырасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары З.Ибрагимова қатнасты. Атап ѳтиў орынлы ѳткен 2022-жылдың октябрь айында да Жоқарғы Кеңес Баслығының аймақ турғынлары ушын жеке қабыллаўы болып ѳткен еди. Дәслеп, Республикамыз басшысы аймақ турғынларынан алдын ѳткерилген қабыллаўда келип түскен мурәжатлары бойынша жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың орынланыў барысын көрди. Атап айтқанда, аймақтағы 24 хожалыққа арнап салынған турақ жайлардың сапасы талап дәрежесинде болмағанлығы себепли, айырым машқалаларды келтирип шығарған. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселени унамлы шешиў, яғный, зыянкеслер зыян жеткерген турақ жайлардың тѳбесин ашып қайта оңлап бериў бойынша тапсырма берген еди. Бүгинги күнде тапсырма бойынша қурылыс материаллары алып келинип, оңлаў жумыслары баслап жиберилген.
Соның менен бирге, аймақ турғынлары ушын медициналық хызмет кѳрсетиў сапасын еледе жақсылаў мақсетинде посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан Социаллық орай қурылыўы режелестирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орайдың қурылатуғын орны белгилеп алынды. Социаллық орайда жоқары сападағы медициналық хызметлер кѳрсетиў белгиленген. Буннан соң Шаңарақлық шыпакерлик пункти жумыслары көзден өткерилди. Айтып өтиў орынлы, пунктте тез жәрдем хызмети, медициналық хызмет көрсетиў ҳәм басқа да бир қатар қолайлықлар жаратылған.
Жасларға сапалы билим бериў, олардың жақсы билим алыўы ушын әлбетте шараят ҳәм имканият ең әҳмийетли мәселе. Ѳйткени, жаслықта алынған билим тасқа ойылған нағыс. Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир аймаққа барғанында, әлбетте, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде болып, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәселелерди қарап шығады. Бул сапары да Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйынындағы 56 санлы мектепте болып, оқыў процесси, жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятларды кѳрди.
Буннан соң, аймақтағы Мәденият сарайы имаратында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти. Онда посёлка пуқаралары өзлериниң социаллық, электр энергия, тәбийғый газ, ишимлик суўы, сондай-ақ, коммуналлық хызмет кѳрсетиў бағдарындағы айырым мәселелерин айтып мүрәжат етти. “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның тәғдири бар” усы принцип тийкарында өткерилген қабыллаўда келип түскен ҳәр бир мүрәжат дыққат пенен тыңланып, унамлы шешимин табыў бойынша бар имканиятлар иске салынды.