Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың ең шетки аймағы болған Бостан елатлы пункти турғынлары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың ең шетки аймағы болған Бостан елатлы пункти турғынлары менен ушырасты
878
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде орынларда жеке қабыллаўларын өткерип келмекте. Соның менен бирге, алыс аймақ турғынларының да тилек-өтинишлерин тыңлаў, турмыс абаданлығын тәмийинлеў ҳәм олардың турмыслық мәселелерин шешиў бойынша да ең шетки аймақларға барып, турғынлар менен ушырасып атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы республикамыздың ең шетки аймағы болған Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйынына қараслы, посёлка орайынан дерлик 60 км узақлықта жайласқан Бостан халық жасаў пункти турғынлары менен ушырасты.
Онда пуқаралар тәрепинен бир қанша мәселелер көтерилип, мүрәжатлар билдирилди. Билдирилген мүрәжатларда тийкарынан студент жаслардың контракт пулларын төлеп бериў, емлениў ушын жоллама алыў, өзин-өзи бәнт етиў сыяқлы машқалалар орын алған болып, бул мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сол орынның өзинде шешип берилди.
Аймақ турғынларының биргеликте билдирген мүрәжаты тийкарында шаңарақлар Қоңырат районы орайы, Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкаларына көширип өткериў мәселесин үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Халқымыздың разылығын тәмийинлеў, олардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў жолындағы әмелий жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети