Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакѳпир районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
1039
Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилип, бул илажларды әмелге асырыўда кең имканиятлар жаратып бермекте.
Мине, усы тийкарда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў бағдарында барлық районларда, әсиресе ең шетки аймақларда да қабыллаўлар өткерилмекте.
Бул жумыслардың даўамы ретинде, кѳше бийлери менен ушрасыў, пикирлесиўлер ѳткерилмекте.
Мине, усындай ушырасыўлар Тақыятас, Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларында да өткерилди.
Бүгин гезектеги ушырасыў Тахтакѳпир районындағы кѳше бийлери менен болып ѳтти.
Әзел әзелден халқымыз турмысында гиреўли орны, кәтқудалығы, салмақлы сѳзи менен аўызбиршиликти тәмийинлеў бағдарында ақыл нәсияты менен тек ғана кѳше бийлери жәмийетимизде турақлылықты тәмийинлеп келмекте
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында айрықша республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламаларды көтергени, усы басламалар қатарында, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатылғанлығы, оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум бағдарланатуғынлығы, республикамыз бойынша 47 мың шаңарақтың кадастр ҳүжжетлерин, соның ишинде, Тахтакөпирда 464 пуқараның турақ-жайларының хүжжетлерин расмийлестирилип берилетуғынлығы атап өтилди.
Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети