Жоқарғы Кеңес Баслығы Қараөзек районы халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алды
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қараөзек районы халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алды
770
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев екинши мәрте Қараөзек районындағы көше бийлери менен ушырасты. Атап өтиў керек, өткен 2022-жылы да Жоқарғы Кеңес Баслығы көше бийлери, район белсендилери менен ушырасқан еди. Бүгинги өткерилген ушырасыў да ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди. Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы турмысқа енгизилип атырған жаңалықлар, түпкиликли реформалар ҳаққында кең түрде сөз етилди. Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди. Қарақалпақстан Республикасында түрли миллет ҳәм елат ўәкиллери тынышлықта, аўызбиршиликли түрде татыў турмыс кеширип келмекте. Бүгинги жетискенликлер менен бир қатарда, мәҳәллелерде айырым шешимин табыўын күтип турған машқалалар да баршылық. Жоқарғы Кеңес Баслығы менен өткерилген ушырасыўда көше бийлери бул мәселелерди шешиўде “бир жеңнен қол шығарып” ҳәрекет етилсе әлбетте, барлық машқалалар өз шешимин табатуғынлығын айрықша тилге алды. Өткерилген ушырасыў даўамында көше бийлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер ҳәм усыныслар көтерилип, олардың барлығының шешимин табыў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети