Жоқарғы Кеңес Баслығы нураный, ақсақаллар ҳәм көше бийлери менен мәсләҳәтлесип, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды
Жоқарғы Кеңес Баслығы нураный, ақсақаллар ҳәм көше бийлери менен мәсләҳәтлесип, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды
830
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелердеги шешимин күтип турған биринши дәрежели шешилиўи керек мәселелерди белгилеп алыў мақсетинде Кегейли районындағы көше бийлери, нураныйлар ҳәм бир қатар белсендилер менен ушырасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, мәҳәлллелердеги кең көлемли абаданластырыў жумыслары, пуқаралардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарындағы әмелий басламалар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында республикамызға айрықша берилген имканиятлар, жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде айтып өтилди.
«Аўылымның ғаррыларын сүйемен,
Ҳәр сөзине беререм бир түйеден,
Ҳәр биринде Жийреншениң ақылы,
Қалтасында түртип турар нақылы»
- деп шайыр жазғанындай, әзелден халқымыз арасында көше бийлери, ел ағалары, нураный-кекселердиң тутқан орны, абыройы айрықша болып, халық арасында аўызбиршиликти сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе болып келген. Көше бийлери көбинесе елди изине ерте алатуғын, халыққа төрелик етиўши жасы үлкенлер, нураныйлардан сол жердиң жергиликли халқының қәлеўи менен сайланатуғын болған. Бүгинги күнде де оларды сайлаў тиккелей халықтың қәлеўи менен әмелге асырылыўы әҳмийетин жойтпаған.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай аўзы дуўалы, сөзи өтимли нураныйларымыздың, көше бийлериниң халық арасындағы машқалалардың ортасында жасап киятырғаны, барлық мәселелерден хабардар екенлиги ҳәм усы тийкарда алдағы әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынатуғынлығы айрықша сөз етилди.
Көше бийлери ҳәм жасы үлкенлер тәрепинен бир неше әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм бул машқалаларға шешим табыў Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Өз нәўбетинде, көше бийлери әмелге асырылып атырған «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы жумыслардың даўамлы болыўына исеним билдирип, бул өзгерислерди барқулла кәтқудалығы, ақ пәтиясы ҳәм елдиң аўызбиршилигин сақлаў менен қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети