Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис районындағы көше бийлери, нураный, ақсақаллар ҳәм белсендилер менен жақыннан пикирлести
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис районындағы көше бийлери, нураный, ақсақаллар ҳәм белсендилер менен жақыннан пикирлести
938
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелердеги биринши дәрежели шешилиўи керек мәселелерди белгилеп алыў мақсетинде Нөкис районындағы көше бийлери, нураныйлар ҳәм бир қатар белсендилер менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына қаратылып атырған айрықша итибар, бул бағдарда қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде орынланып атырған жумысларға кең түрде токталды.
Ушырасыў даўамында мине усындай ийгиликли басламалар ҳаққында сөз етилип, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында алдағы ўақытта және қандай машқалаларға шешим табыў зәрүрлиги бар екенлиги бойынша көше бийлери менен мәсләҳәтлесип алынды.
Өз нәўбетинде көше бийлери, нураный-ақсақаллар тәрепинен бир неше әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бул машқалаларға алдағы ўақытта шешим табыў ҳәм сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Көше бийлери, нураныйлар ҳәм мәҳәллелердеги белсендилер менен пикирлесиўдиң әҳмийети айрықша. Себеби, олар тиккелей халқымыз бенен бирге жасап, машқалалар менен биргеликте дусласпақта.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы ашық-айдын пикирлесип, көше бийлери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен жийи-жийи ушырасып туратуғынлығын, машқалаларды шешиў бойынша биргеликте ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Өз нәўбетинде нураныйлар да халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында бар күш-ғайратын жумсайтуғынлығын айтып өтип, елимизде бүгинги күнде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы әмелге асырылып атырған жумыслардан миннетдар екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети