Бүгин Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Миллий гвардия системасында хызмет өтеп атырған әскерлердиң «Ўатанға ант бериў» мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Миллий гвардия әскерлерин Ўатан қорғаўшылары қатарынан орын алғаны ҳәм ел тынышлығын қəстерлеп-сақлаў, халық ийгилиги жолында хызмет етиўдей Ўатан алдындағы перзентлик парызды орынлаўға кирискени мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтў керек, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқары Бас сəркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2019-жылы «Ўатанға ант бериў»диң мазмун-мəниси жаңаланып, оның абырайы асып, əскерий хызметкерлерге жаўынгерлик руўх, мəртлик бағышламақта.
2020-жыл 18-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында əскерий хызметкерлердиң ант бериўи белгилеп қойылған. Сондай-ақ, «Ўатанға ант» тийкарында ана-Ўатанды көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлаў муқаддес парыз екенлиги белгиленген.
Бүгинги күнде Миллий гвардия системасында хызмет өтеп атырған жигитлеримиз өз антына садық болып, елимизде жəмийетлик тəртипти сақлаў ҳəм қəўипсизликти тəмийинлеў ўазыйпаларын садықлық пенен атқарып келмекте. Миллий гвардия Қураллы Күшлердиң ең сайланды əскерий бөлимлеринен бири болып, оған ҳəр тəреплеме жетик, физикалық жақтан саламат жаслар хызметке шақырылмақта. Бул болса өз гезегинде халқымызды қорғаўдың, жəмийетлик қəўипсизликти тəмийинлеўдиң əҳмийетли кепили болып хызмет етпекте.
Ант – бул Ўатанды мүнəсип қорғаў бойынша əскерий хызметке қойылатуғын талапларды өзинде жəмлеген ҳуқықый ҳүжжет болып, Қураллы Күшлер қатарына қосылып атырған ҳəр бир пуқараның муқаддес миннетин орынлаўға беретуғын салтанатлы ўəдеси есапланады.
Бүгинги салтанатлы илажда Ўатан алдында ант берип атырған жаслар Миллий гвардияға билдирилип атырған исеним ҳəм алға қойылған ўазыйпаларды инабатлы атқарып, “Миннет, Садықлық, Мəртлик” уранына мүнəсип хызмет қылады деп беккем исенемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети