Көше бийлери менен Хожели районы халқының турмыс абаданлығын еле де арттырыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды
Көше бийлери менен Хожели районы халқының турмыс абаданлығын еле де арттырыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды
908
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Хожели районының көше бийлери, мәҳәллелер белсендилери менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары, халқымызға мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы ийгиликли басламалар бойынша кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында берилген бир қатар ўазыйпалар, белгилеп берилген айрықша жеңилликлер, мәҳәллелердеги машқалаларды мәҳәллениң өзи көтерип, орнында шешилиўин жолға қойыў мақсетинде ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылғаны, 47 мың шаңарақтың кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў, Қарақалпақстан бойынша 4 мың турақ-жай қурыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерди шешип берип кеткени айрықша сөз етилди.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Хожели районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар бойынша да атап өтилип, бул ийгиликли басламаларды еле де даўам еттириў, халық арасындағы шешимин күтип турған, ең зәрүрли, биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын оларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесилди.
Онда көше бийлери бүгинги күнде еле де шешимин күтип турған айырым мәселелер бар екенлигин атап өтип, Жоқарғы Кеңес Баслығына өз пикир-усынысларын айтты.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды ҳәм алдағы ўақытта шешип бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети