Мойнақ районының көше бийлери менен Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан пикирлести
Мойнақ районының көше бийлери менен Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан пикирлести
914
Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилип, бул илажларды әмелге асырыўда кең имканиятлар жаратып бермекте.
Мине усы тийкарда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бағдарында барлық районларда, әсиресе ең шетки аймақларда да қабыллаўлар өткерилмекте.
Бул жумыслардың даўамы ретинде Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушырасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша олардың пикир ҳәм усынысларын тыңлап атыр.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары ҳаққында кең түрде атап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында көтерилген бир қатар әҳмийетли басламалар ҳаққында атап өтти.
Өз нәўбетинде, көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери Президентимиз басшылығында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларынан халқымыз миннетдар екенлигин айрықша тилге алды.
Соның менен бирге, ушырасыўда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта әлбетте, шешим табылыўы тәмийинленетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыўда ашық-айдын пикирлесилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети