Президентимиз басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың даўамы сыпатында республикамызда да көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында пухараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бағдарында Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районларда көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасыўлар өткерип, еле де шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер бойынша пикирлеспекте.
Бүгин гезектеги ушырасыў Қанлыкөл районындағы кѳше бийлери менен болып ѳтти. Әзелден халқымыз турмысында гиреўли орны, кәтқудалығы, салмақлы сѳзине ийе көше бийлери аўызбиршиликти сақлаўда ақыл нәсияты менен үлес қосып келмекте. Бүгинги өткерилген ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кеңнен атап өтти. Көше бийлери мәмлекетимиз басшысы тәрепинен соңғы жылларда алып барылып атырған ийгиликли әмеллерден халқымыз миннетдар екен ҳәм бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда қол-қанат болып, белсендилик көрсететуғынлығын билдирди.Бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир шаңараққа кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, көше бийлери тәрепинен мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселелер алдағы ўақытта әлбетте шешим табыўы зәрүрлигин атап өтти ҳәм өзиниң жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети