Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў және де жеделлеседи
Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў және де жеделлеседи
1212
Самарқанд қаласында 14-апрель күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Бахтиёр Саидов, Армения Республикасы сыртқы ислер министри Арарат Мирзоян, Беларусь Сыртқы ислер министри Сергей Алейник, Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаев, Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мурат Нуртлеу, Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин, Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Халаф Халафов ҳәм Түркменстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Вепа Хаджиев ҳәм ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев қатнасты.
Тар ҳәм кең шеңбердеги мәжилислерде Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де жеделлестириў, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан тәрепи Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Дослық Аўқамы шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиў, санаат ҳәм технологиялық кооперация, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға қаратылған басламаларын әмелге асырыў бойынша келешектеги ис-ҳәрекетлер зәрүр екенлигин, санлы трансформация, жасыл экономика, туризм ҳәм жаслар мәселелери бойынша жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Мәжилисте ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң көп басқышлы сыртқы ислер министрликлери аралық Мәсләҳәтлесиўлериниң режеси, сондай-ақ, 2022-жылы шөлкемге ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрликлери арасындағы шерикликти кеңейтиў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасының орынланыўы бойынша мәлимлеме тыңланды.
Дослық аўқамына ағза мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары кеңеси ҳәм мәмлекет басшылары кеңесине көрип шығыў ушын киргизилетуғын ҳүжжетлер, соның ишинде, Самарқанд қаласын 2024-жылы ҒМДАның «Мәденият пайтахты», Ташкент қаласын болса «Жаслар пайтахты», деп жәриялаў бойынша ҳүжжетлердиң жойбарлары додаланды ҳәм тастыйықланды.
2023-жылы Беларусь Республикасының Минск қаласын, 2024-жылы болса Арменияның Гюмри қаласын ҒМДАның «Спорт пайтахты», деп жәриялаў ҳаққындағы қарар мақулланды.
Мәжилис қатнасыўшылары имканияты шекленген балалар арасындағы ҒМДА мәмлекетлериниң спартакиадасы ҳаққындағы мәселени де додалады. Бул спорт жарысларын ҳәр төрт жылда бир мәрте, қысқы ҳәм жазғы спорт түрлери бойынша өз алдына өткериў режелестирилген. Биринши жарысларды 2024-жылы қысқы спорт түрлери бойынша, 2026-жылы жазғы спорт түрлери бойынша өткериў усыныс етилди. Спартакиадаға Паралимпия ҳәм Сурролимпия (дефлимпия) спорт түрлери бойынша спорт жарыслары киргизиледи.
Сыртқы ислер министрлери кеңеси Россия Халықлар дослығы университетине Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң журналист кадрларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша тийкарғы жоқары оқыў орны статусын бериў ҳаққында қарар қабыл етти.
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2023-жылы 12-октябрь күни Қырғыз Республикасының Бишкек қаласында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Мәжилистен соң өткерилген брифингта ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев сыртқы ислер министрлериниң гезектеги мәжилиси жоқары дәрежеде өткени, шөлкемниң келешеги ҳәм оған ағза мәмлекетлер арасындағы ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы байланысларды және де раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилгенин атап өтти.
– Кейинги жыллары шөлкемимиз жумысын раўажландырыў ҳәм ағза мәмлекетлер арасындағы байланысларды беккемлеўде Өзбекстан белсене қатнасып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим,-деди С.Лебедев. – Әсиресе, соңғы еки жылда ири халықаралық форумлар майданына айланып баратырған Самарқандта бир неше мәрте ушырастық. Ҳәзирги әнжуман да жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин ҳәммемиз тән аламыз. Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстанда жақында өткерилетуғын референдумның табыслы өтиўин тилеймен ҳәм бул сиясий илажда ҒМДА бақлаўшылар миссиясы белсене қатнасатуғынын билдиремен.
Сондай-ақ, Самарқанд қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Россия сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы да болып өтти.
Самарқанд ушырасыўлары дүркимин жуўмақлаўшы «Орайлық Азия – Россия» түриндеги сөйлесиў регион мәмлекетлери ҳәм халықлары арасындағы исенимли ҳәм өз-ара пайдалы байланыслардың үлкен әҳмийетин тастыйықлап атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, транспорт, энергетика, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.
Усы тәризде Самарқанд және тийкарғы халықаралық сөйлесиў майданы сыпатында регионаллық ҳәм глобал мәселелер додаланған ири форумларды өткерди. Онда көрип шығылған мәселелер регион мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге хызмет ететуғыны, сөзсиз.