Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-ақсақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-ақсақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты
945
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ҳүрметли Президентимиздиң "Халқымыз разы болса, жумысымызда өним ҳәм берекет болады." деп атап өткениндей, бүгинги күнде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың абадан өмир сүриўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.
Мине усы тийкарда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бағдарында барлық районларда, әсиресе ең шетки аймақларда да қабыллаўлар өткерилмекте.
Усы жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушырасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша пикир алыспақта.
Бүгин Әмиўдәрья районында болып өткен ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен райондағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети