Инсан қәдири улуғланған елде ҳеш ким мехир ҳәм итибардан шетте қалмайды
Инсан қәдири улуғланған елде ҳеш ким мехир ҳәм итибардан шетте қалмайды
857
Бүгинги күнде республикамыз аймағында жәрдемге мүтәж, турақ жайында биринши дәрежели турмыс кешириў ушын да шараяты жоқ шаңарақлар бар. Оларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў керек. Қаншама үйлердиң шифери жоқ, нешше үйлер жасаўға жарамсыз.
Соны да атап өтиў керек, мәмлекетимизде ҳеш бир инсан меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды. «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша Президентимиз басшылығында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда мәмлекетимиз басшысы, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде районлардағы шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығылыўын тәмийинлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ-жайларын оңлап, зәрүрлерин шиферлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Усы жумыслардың даўамы сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тиккелей басламасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан ушын айрықша қарар қабыл етилди.
Қарарға тийкар жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў белгилеп алынып, бул бойынша республикамыздың барлық орынларында бүгинги күнде әмелий жумыслар басланған.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 21 094 үйди шиферлап бериў, 709 үйди қайтадан қурыў ушын ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жәми 243,9 млрд сум қаржы ажыратылды.
Соннан, Төрткүл районы аймағында да 2521 үй шиферлап бериўге мүтәж деп белгиленген болып, соннан 510 үй аўыр турмыс шараятындағы, 33 турақ жай болса жарамсыз ҳәм қайта қурыўға мүтәж деп табылған. Буның ушын жәми 36,8 млрд сум қаржы жумсалыўы режелестирилген. Бүгинги күнге келип районда усы үйлерде қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Мәселен, «Ифтихор» мәҳәллесиндеги Хосиятхон Исакова ҳәм «Түркистан» мәҳәллесиндеги Лира Гарифулинаның үйлерин бузыў жумыслары басланып, қайта қурыў ушын таярланып атыр.
Сондай-ақ, «Ташкент» мәҳәллесиндеги Усмон Жуманиязов ҳәм «Анҳорли» мәҳәллесиндеги Санобар Каримовалардың үйлериниң төбесин шиферлаў жумыслары да алып барылмақта.
Әҳмийетлиси республикамыз бойынша мүтәж шаңарақларды анықлаў жумыслары көше бийлериниң жәрдеми ҳәм тиккелей қатнасы арқалы анықланды.
Өйткени, әзелден халқымыз турмысында гиреўли орны менен белгили болған көше бийлери аймағындағы пуқаралардың турмысын ҳәммеден көбирек жақсы биледи.
Жуўмақлап айтқанда халқымызды бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў бағдарында Президентимиз басшылығында басланған үлкен жумыслар елимиз бойлап еледе даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети