Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын қаратып атырған итибарының шеги жоқ. Мәселен,басқа ўәлаятлар менен салыстырмалы түрде алып қарайтуғын болсақ, әйне Қарақалпақстан ушын, бул жерде жасап атырған адамлардың турмыс абаданлығы жолында избе-из қабыл етилип атырған оғада әҳмийетли пәрман қарарларды айтып өтсек болады.
Соныда айрықша атап өтиў керек, жәрдемге мүтәж болған студентлердиң шәртнама пулларын ҳүкимет тәрепинен төлеў, денсаўлығын тиклеў ҳәм материаллық жәрдем менен қоса басқа да жәрдем қаржылары ең көп Қарақалпақстан ушын ажыратылып атыр.
Мине жақында ғана Президентимиз тапсырмасы менен Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан ушын айрықша қарар қабыл етилип, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 21 мың 94 үйди шиферлап бериў, 709 үйди қайтадан қурыў ушын 343,9 млрд. сум қаржы ажыратылды.
Қабыл етилген қарар көп күттирмей өзиниң дәслепки нәтийжелерин берип баслады. Мине кеше ғана Төрткүл районындағы турақ жайларды оңлаў, қайта қурыў ҳәм шиферлаў жумыслары басланған болса, бүгин Тахтакөпир районында бул жумыслар даўам етпекте.
Тахтакөпир районы аймағындағы жәрдемге мүтәж жәми 1586 хожалықлардан 1499 хожалықтың түрақ жайын шиферлап бериў ҳәм 87 хожалықтың түрақ жайын қайтадан қурып бериў ушын жәми 25,8 млрд. сум қаржы ажыратылған болса, соннан бир ғана Жиззах ўалаяты тәрепинен 12,8 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылыўы режелестирилген.
Район аймағындағы бир неше орынларда Жиззах ўалаяты тәрепинен пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында олардың турақ-жайларын оңлаў, шиферлаў ҳәм қайта қурыў жумыслары баслап жиберилди.
Ҳәзир шын мәнисинде ҳәр бир инсан, ҳәр бир хожалық мәмлекетимиздиң итибары, инсан қәдирин улуғлаўдай уллы мақсетти турмысқа енгизиў бойынша алып барылып атырған жумысларды өз шаңарағында, өз үйлеринде сезинбекте.
Әлбетте, бул әмелий жумыслардың барлығы ҳәр бир инсанның абадан турмысын, бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўдей жоқары идея әтирапында жәмленбекте.
Жоқарғы Кеңестиң социаллық тармақлардағы рәсмий каналларын бақлап барың. Биз сизге республикамыздың барлық районларында алып барылып атырған көлемли жумыслар, ийгиликли әмеллер ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети