Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласының көше бийлери, нураный-ақсақаллар ҳәм белсендилери менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласының көше бийлери, нураный-ақсақаллар ҳәм белсендилери менен ушырасты
935
Онда еки мыңнан аслам мәҳәлле белсендилери, соннан 1 700 ге жақын көше бийлери қатнаспақта. Ушырасыў 2 күн даўамында өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ҳүрметли Президентимиздиң “Халқымыз разы болса, жумысымызда өним ҳәм берекет болады.” деп атап өткениндей, бүгинги күнде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың абадан өмир сүриўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.
Бул бағдарда бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте. Усылар қатарында усы жылдың 13-апрель күни «2023-жылда базар өлемшелрине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты үй-жай менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди. Қарар бойынша банклерге ипотека кредитлерин рәсмий дараматқа ийе болмаған физикалық шахсларға да ажыратыўға рухсат етилди. Банклерге дәслепки төлем муғдары, жеңилликли дәўир мүддети ҳәм басқа көрсеткишлерден келип шығып, кредитлер бойынша сиясий қатламластырылған процент ставкаларын орнатыў ҳуқықы берилди. Субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек жумсаў ушын, субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсирилди.
Буннан басқа да қарарлар, пәрманлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында салмақлы жумыслар даўам еттирилмекте.
Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслар тийкарында республикамызда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бағдарында барлық районларда, әсиресе ең шетки аймақларда да қабыллаўлар өткерилмекте.
Усы жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушырасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша пикир алыспақта.
Бүгин Нөкис қаласында болып өткен ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен райондағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.
Еслетип өтемиз Жоқарғы Кеңес Баслығының Нөкис қаласы көше бийлери менен ушырасыўы 19-апрель күни де даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети