Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласы көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша ашық-айдын пикирлесип алды
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласы көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша ашық-айдын пикирлесип алды
912
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың машқалаларына шешим табыў жолында және қандай илажларды әмелге асырыў кереклигин белгилеп алыў мақсетинде Нөкис қаласындағы көше бийлери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нураный-ақсақаллар менен ушырасты.
Онда 2 000 нан аслам мәҳәлле белсендилери, соннан 1 700 ге жақын көше бийлери қатнасты. Бүгин ушырасыўдың екинши күни болып, еки күн даўамында олар менен жақыннан пикирлесилди.
Бүгинги күнде елимизде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында ҳүрметли Президентимиз басшылығында бир қатар реформалар, әмелий жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан ушын айрықша қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.
Мәҳәллелерди абат етиў бойынша 408-санлы қарар, мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў, зәрүрлерин қайта қурып, шиферлап бериў бойынша 52-санлы қарар қабыл етилди. Бул дизимди еле де даўам еттире бериўге болады. Усылар қатарында усы жылдың 13-апрель күни «2023-жылда базар өлемшелрине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты үй-жай менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди. Қарар бойынша банклерге ипотека кредитлерин рәсмий дараматқа ийе болмаған физикалық шахсларға да ажыратыўға рухсат етилди. Банклерге дәслепки төлем муғдары, жеңилликли дәўир мүддети ҳәм басқа көрсеткишлерден келип шығып, кредитлер бойынша сиясий қатламластырылған процент ставкаларын орнатыў ҳуқықы берилди. Субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек жумсаў ушын, субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсирилди.
Әлбетте, булардың барлығы Қарақалпақстан халқының абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға қаратылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерди абат етиў бойынша еле де қандай илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги бойынша көше бийлери ҳәм белсендилер менен пикир алмасылды.
Өз нәўбетинде көше бийлери, нураныйлар ҳәм белсендилер тәрепинен Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслардан халқымыз шексиз миннетдар екенлиги айрықша тилге алынды.
Сондай-ақ, мәҳәллелердеги системалы машқалалар, инфраструктура, социаллық объектлер менен байланыслы мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалалардың шешимин табыў бойынша жеке қадағалаўына алатуғынлығы ҳәм алдағы ўақытта әлбетте, ҳәр бир машқала итибардан шетте қалмайтынын билдирди.
Елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәр бир мүрәжат итибарға алынып, бул бағдарда пуқаралардың машқалаларын шешиў бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар өткерилмекте. Көше бийлери де халық арасында жасап, тиккелей машқаланы өзинде сезинип атырған инсанлар есапланады. Сонлықтан, Жоқарғы Кеңес Баслығы халқымызды қыйнап киятырған машқалаларды шешиў мақсетинде көше бийлери менен пикирлесип, ўазыйпаларды белгилеп алмақта.
Халқымызды разы етиў жолындағы бундай ушырасыўлар буннан-былайда даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети