Картошка жетистириўди раўажландырыў илажлары белгиленди
1124
Президент Шавкат Мирзиёев картошка жетистириўди раўажландырыўға қаратылған реже ҳәм усыныслар презентациясы менен танысты. Бүгинги күнде мәмлекетимизде картошкаға болған талап дерлик 4 миллион тоннаны қурайды. Соның ушын 80 процентинен асламы елимизде жетистирилип, қалған бөлеги импорттың есабынан толтырылып атыр. Себеби – тараўда бир қанша машқалалар бар. Мәселен, бүгинги күнде 253 мың гектарға картошка егилип атырған болса, орташа өнимдарлық 163 центнерди қурамақта. Сырт еллердегиге қарағанда бул оғада төмен көрсеткиш. Және бир үлкен машқала туқымгершиликке байланыслы. Халық ҳәм дийқаншылық хожалықлары элита ҳәм R1 туқымының орнына импорт етилген ямаса жергиликли сапасыз картошка екпекте. Жоқары өнимдарлық туқымлық картошка жетистириў ушын егислик жерлер ҳәм ыссыханалар, оларды сақлаў ушын қоймаханалар жетерли емес. Өнимдарлықтың азайыўына себеп болатуғын вирус ҳәм бактериялы кеселликлерди тексеретуғын лабораториялар жоқ.
Мәжилисте бул әҳмийетли мәселелерди шешиў, картошка жетистириў ҳәм оның туқымгершилигин раўажландырыў бойынша усыныслар додаланды. Бүгинги күнде миллий генофондта 250 түрли картошка сорты болып, 4 кәрхана ҳәм илимий-изертлеў институтлары тәрепинен 27 сорттан миллий туқым жаратыў бойынша жумыслар басланған. Олардан бири Самарқандтағы Өзбекстан – Корея кәрханасы болып есапланады. Оның имканиятларын кеңейтиў мақсетинде биринши басқышта Булунғыр, Тайлақ ҳәм Самарқанд районларынан 500 гектар, екинши басқышта Ташкент ўәлаятының Бостанлық, Жиззақ ўәлаятының Бахмал ҳәм Замин, Қашқадәрья ўәлаятының Китаб ҳәм Шаҳрисабз районларынан 2 мың гектар жер ажыратыў молшерленбекте. Туқымгершиликти раўажландырыў ушын овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтында 4 гектарлық, Самарқандтағы «Green Korea аgro Invest» кәрханасында 1 гектарлық ыссыхана ҳәм суўытқышлы қоймаханалар қурыў режелестирилген. Бул жойбарлар Жәҳән банки қаржылары есабынан қаржыландырылады ҳәм «in vitro» усылында картошка туқымын жетистириўдиң толық цикли жолға қойылады.
Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Самарқанд филиалында «илим – билимлендириў – өндирис» принципи бойынша Картошка туқымгершилиги орайы дүзиледи. Картошканың жасырын вирус кеселликлери ҳәм сапа көрсеткишлерин анықлаў бойынша 4 миллион долларлық лаборатория иске қосылады. Усындай илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде 2025-жылдан картошка туқымгершилигине болған ишки талап толық тәмийинленетуғыны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, туқымлық картошка жетистириў көлемин арттырыў ҳәм сапасын кепиллеў бойынша көрсетпелер берди. Аўыл хожалығы министрлигине 500 тонна элита картошка туқымларын 1 мың 700 халықтың қыйтақ жерлерине бийпул тарқатыў, картошка жетистириўшилерге жеңиллетилген қаржылар ажыратыў ўазыйпасы қойылды.