Пуқаралығы болмаған бир қатар шахсларға пуқаралық паспортлары тапсырылды
Пуқаралығы болмаған бир қатар шахсларға пуқаралық паспортлары тапсырылды
978
Бәршемизге белгили, кейинги жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Булардың әмелий нәтийжелерин бүгин ҳәр бир инсан өз турмысында сезип келмекте. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған түпкиликли ѳзгерислер ең биринши нәўбетте “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылмақта. Усылар менен бир қатарда, мәмлекетимизде пуқарасызлықты кемейтиў ҳәм бундай жағдайдың келип шығыўының алдын алыў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта.
Әлбетте, республикамызда бир неше жыллардан берли турақлы жасап атырған шахсларда пуқаралықтың жоқлығы ең баслы социаллық машқала саналады. Бүгинги нызамшылықта да пуқарасызлықты кемейтиў тийкарғы принциплерден бири болып есапланады. Мәселен, Қарақалпақстанда 2016 жылдан (ямаса соңғы 5 жыл ишинде) усы күнге шекем турақлы жасап атырған 1 598 пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етилди. Бул ийгиликли басламаларда ҳүрметли Президентимиздиң мийнети жоқары.
Президентимиз 2020-жыл 24-январда Олий Мәжлиске жоллаған мүрәжатнамасында “Пуқаралық мәселелеринде тийисли нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди турмыстың өзи талап етпекте”- деп атап өткен еди.
Соңғы жылларда елимиз басшысының басламасы менен пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын толық тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, усы тараўда бар болған миллий нызамшылығымызға тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул тараўдағы әмелий ислердиң избе-из даўам еттирилип атырғаны болса, оғада әҳмийетли.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, 2020-жыл 13-марттағы «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызамның 6-статьясына өзгерислер киргизилип, ендигиден былай 15 жыл даўамында турақлы жасаған бирақ пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етилетуғын болды.
Мине, бүгин Ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы пуқарлығына қабыл етиў бойынша 2023-жыл 18-апрел күнги 52-санлы Пәрманына тийкарында Қаракалпакстанда турақлы жасаған бирақ жыллар даўамында пуқаралыққа ийе болмаған 4 шахс, яғный, Шоманай районы турғынлары Д.Әдбимуратов ҳәм П.Жолымбетов, Хожели районы турғыны Н.Маденова, Қоңырат районы турғыны И.Джуманиязовлар Өзбекстан Республикасы пуқаралығына кабыл етилди.
Шын мәнисинде бүгин бул пуқаралардың жаңа өмири басланды.
Буннан көринип турғанындай, елимизде алып барылып атырған барлық реформалар пуқараларымыздың әсиресе, мәмлекетимизде турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық ҳәмде буннан былайда нәтийжели қорғаўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети