Нөкис аэропортына Silk Avia компаниясының жаңа самолёты келип қонды
2184
Silk Avia оператор сертификатын алды ҳәм 20-апрель күни ATR инструкторлары тәрепинен авиакомпания экипажларын таярлаў ушын техникалық пәрўазларын баслады.
Еки саатқа шамалас ўақыт даўам еткен биринши рейс Ташкент-Нөкис жөнелисинде нәтийжели әмелге асырылды. Дәстүрий түрде Нөкис аэропортында самолёт суў аркасы менен күтип алынды. Буннан соң, ҳаўа кемеси Нөкис-Наўайы/Наўайы-Ташкент жөнелислери бойынша пәрўазын даўам еттирди. Бүгин самолёт штурвалында ATR оқыў орайы инструкторы Оливье Арно, оның ўазыйпасы және бир инструктор Людаса Ганусаускаса пәрўазға киристи. Ертеңнен баслап инструкторлар ушыўшыларды таярлап, экипажларды анық жөнелислер ҳәм аймақлық аэропортлар менен таныстырыўды баслайды.
“Өзбекстан авиациясы биринши мәрте ATR 72-600 маркалы самолётларымыздан пайдаланыўды баслағаннан қуўанышлымыз. Ислеп шығарыўшы сыпатында биз ушын Silk Avia оғада әҳмийетли бирге ислесиўши – бизиң самолётымызды таңлаған биринши Өзбекстан авиакомпаниясы есапланады. Аймақлық авикомпания ишки туризмди раўажландырыў ҳәм Өзбекстан экономикасын қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли рол ойнаўын түсинген түрде, биз экипажларды иске түсириў ҳәм Silk Avia пәрўазларын баслаў ушын максимал дәрежеде жәрдем бериўге таярмыз”, - деп атап өтти ATR оқыў орайы инструкторы Оливье Арно. Ҳәр бир ушыўшы ушын алты саатлық теориялық ҳәм жолаўшыларсыз үш әмелий пәрўаз (Ferry Flight) халықаралық әмелият ҳәм ҳаўа кемелерин ислеп шығарыўшы ATR тәрепинен усыныс етилген қосымша қәўипсизлик илажы болып, Uzbekistan Airports тәрепипинен бул толық қоллап-қуўатланды. Соның менен бирге аймақлық авиакомпанияның шөлкемлестирилиўи Өзбекстанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў ушын шараят жаратыўда әҳмийетке ийе болып, бул өз гезегинде халықтың авиация ҳәрекетшеңлиги коэфицентиниң артыўына алып келеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети