Қарақалпақстан Республикасында 38 миллион доллар муғдарындағы ҳаяллар орайы қурылады
Қарақалпақстан Республикасында 38 миллион доллар муғдарындағы ҳаяллар орайы қурылады
1159
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбаева бүгин Қарақалпақстанда болды. Сапар даўамында Сенаты Баслығы басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде депутатлар ҳәм республика белсендилери менен биргеликте мәжилис болып өтти.
Өткерилген мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева шығып сөйлеп, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли реформалар ҳәм пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында орынларда әмелге асырылып атырған басламалар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз турмысында сонғы жыллары алып барылып атырған демократиялық өзгерислер, ашық-айдынлық сиясаты, республиканы социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарлары, усы жөнелисте турмысқа енгизилип атырған кең көлемли реформалар ҳәм олардың пуқараларымыз турмысында өз сәўлелениўин табыўы сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республика турмысында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм реформаларды ҳәр бир қарақалпақстанлының үйине шекем кирип барыўын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда ҳәр бир басшыдан баслап мәмлекетлик басқарыўдың төменги буўынлары есапланған мәҳәлледеги беслик, көше бийлерине шекем биргеликте тийисли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын, өз гезегинде халқымыз да бул өзгерислерден шексиз миннетдар екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў керек, быйылғы жылда Нөкис қаласында улыўма баҳасы 38 миллион доллар болған «Қарақалпақстан Республикасындағы ҳаялларды исбилерменликке үйретиў ҳәм үйретилген көнликпелерди сынаў орайы» қурылыўы режелестирилген болып, орайда ҳаял-қызларға исбилерменлик көнликпелерин үйретиў ҳәм олардың өз бизнесин баслаўы ушын жетерли билим-тәжирийбени бериў режелестирилген.
Өткерилген мәжилисте бул қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар ушын үлкен жаңалық ҳәм имканиятлар майданы болыўы атап өтилди.
Буннан соң Сенат Баслығы Нөкис қаласындағы бир қатар орынларда болды.
Булар қатарында «Жаслар технопарки», кәсип-өнерге таярлаўшы «Моно Орай» жумыслары менен жақыннан танысып, мийнет жәмәәти ҳәм жаслар менен ушырасты.
Кейинги мәнзилде Қарақалпақстан медицина институты ҳәм усы институт жанында ашылған клина жумыслары, жаратылған шараятлар көзден өткерилди.
Республикамызға сапары даўамында Сенат Баслығы Нөкис қаласындағы бақсышылық мектебин барып көрди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети