Мойнақта Халықаралық Аралды қутқарыў қоры дүзилгениниң 30 жыллығы белгиленди
Мойнақта Халықаралық Аралды қутқарыў қоры дүзилгениниң 30 жыллығы белгиленди
804
Мойнақ районында Халықаралық Аралды қутқарыў қоры дүзилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди.
Сәне мүнәсибети менен студент жаслар арасында "Арал бойы аймағын раўажландырыўда инновациялық шешимлер" атамасында идеялар ҳәм оқыўшы балалар арасында "Жаңа Арал балалар нәзеринде" атамасында сүўретлер ҳәм шығармалар таңлаўлары шөлкемлестирилип, таңлаўларда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген зийрек, дөретиўши оқыўшылар, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар өзара беллести.
Таңлаўлар қатнасыўшылары 20-апрель күни Мойнақ районына келди ҳәм сол күни "Ақ кеме" балалар орайында таңлаўларға старт берилип, қатнасыўшылар төрешилер қурамы ағзаларына дөретиўшилик жумыслары ҳәм инновациялық идеаларын таныстырды.
21-апрель күни таңлаўлар қатнасыўшыларының Мойнақ районының дыққатқа ылайықлы, тарийхый орынларына саяхаты шөлкемлестирилди. Саяхаттан кейин таңлаў қатнасыўшыларының асығып күткен мәўритлери - сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Илажға келген мийманлар дәслеп оқыўшылар, студент жаслардың жумыслары менен жақыннан танысты.
Таңлаўлар жеңимпазларын сыйлықлаў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустем Сапарбаев сөзге шығып, Халықаралық Аралды қутқарыў қоры дүзилгениниң 30 жыллық юбелейи, рамазан ҳайыт байрамы менен бәршени қызғын қутлықлады.
Илаж даўамында тараўда пидайы мийнет етип киятырған бирқанша хызметкерлерге көкирек нышанлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Атап айтқанда, Халықаралық Аралды қутқарыў қоры Нөкис филиалы бас есапшысы Зульфия Дощанова Калмуратовна "Қарақалпақстанға мийнети сиңген эконмист", усы қордың жетекши қәнигеси Доштимов Бектурсын Бекбаўлиевич, Аралды қутқарыў қоры Джеф агентлиги баслығы Соколов Вадим Ильич "Ўатан пидайысы" көкирек нышанлары менен сыйлықланды.
Буннан соң таңлаўлар жеңимпазлары оқып еситтирилип, 1-орын ийелерине 10 млн.сўмлық, 2-орын ийелерине 5 млн.сўмлық, 3-орын ийелерине 3 млн.сўмлық ваучерлер салтанатлы түрде тапсырылды.
Соның менен бирге, таңлаўларға қатнасқан бәрше жаслар қор тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Байрам илажы Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети