Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы республикамыздың ең шетки аймақлары болған Шуқырқақ аўылы турғынлары менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы республикамыздың ең шетки аймақлары болған Шуқырқақ аўылы турғынлары менен ушырасты
956
Бүгинги күнде халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, олардың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылып атыр. Баслы мақсет, пуқараларымыздың күнделикли турмысынан разы етиў. Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көшпели қабыллаўлар өткерип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў илажларын көрип атыр. Соның менен бирге алыс аймақ турғынларының машқалаларына шешим табыў илажларын көриў бойынша да орынларға барып, мәселелерин үйренбекте.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2022-жылдың ноябрь айында Шуқырқақ аўылы пуқаралары менен ушырасқан еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы болып өткен ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешими ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў ушын пайтахттан дерлик 230 км қашықлықта жайласқан Елликқала районының Шуқырқақ аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен көрисип, жақыннан сәўбетлести.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары З.Ибрагимова қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығының алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты. Соннан, аймақта базар ярмаркасын шөлкемлестириў мәселеси унамлы шешилди ҳәм турақлы түрде ярмарка шөлкемлестирилип келинбекте. Аймаққа керек болған қуяш панеллериниң дизими ислеп шығылып, кем тәмийинленген 6 шаңараққа, балалар бақшасына ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктине қуяш панеллери орнатылды. Бостан қаласына барып келиў ушын автобус қатнаўы жолға қойылып ҳәптесине 1 мәрте турақлы хызмет көрсетип келмекте. Буннан тысқары, аймақтағы шыпакердиң айлығына қосымша үстеме қосып бериў мәселесинде шыпакер Ибрагимов Ғайратқа 2022-жыл 18-ноябрь сәнесинен баслап үстеме ҳақы төлененип келинбекте. Сондай-ақ, балалар ушын жаңа “Workout” майданшасы қурып питкерилди. Суўды фильтрден өткериўши ЭКОСтың 3 дана двигатели оңланды. Пуқара А.Даўлетованың жасап атырған үйиниң ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип берилди. Ишки жолларды оңлаў мәселесинде ЩПС араласпасын жатқызыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге аймақ турғынларының мүрәжаты тийкарында жаңа мектеп имаратының қурылысыда баслап жиберилген.
Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.
Мәселен, Мүрәжат тийкарында Шуқырқақ аўылында артезиан қудықлары қазылып, ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм суўды душшыландырыўшы ЭКОС ушын қуяш панелин қурып бериў ушын қаржы ажыратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар. берилди.
Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған барлық реформалар ҳәм өзгерислер пуқараларымыздың турмыс абаданлығында өз сәўлесин табыўы керек ҳәм бул әмелде шын мәнисинде орынланып атыр. Аймақларда пуқараларымыздың турмыслық машқалаларына шешим табыў ҳәм олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы жумыслар еледе даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети