Парижде «Salty Lives» (“Дузлы өмир”) арт-жойбары презентациясы болып өтти
684
23-апрель күни Парижде Uzbekistan’s Club дөретиўшилик клубы жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген «O’zbekistonlik. Generating Ideas» ("Өзбекстанлы. Идеяларды жаратыў") халықаралық Ўатанласлар форумы болып өтти.
Форумда түрли мәмлекетлер ҳәм тараўларда халықаралық табысларға ерискен, жәҳән дәрежесиндеги профессионалларға айланган 200 ден артық өзбекстанлы ўатанласлар қатнасты. Форумға Өзбекстанның креатив ҳәм медиа тараўының жетекши ўәкиллери де келди.
Форумның тийкарғы темасы Арал регионы ҳәм қурып баратырған Арал теңизи болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте «Aral Dream» ("Арал арзыўы”) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми «Salty Lives» (“Дузлы өмир”) триптих жойбарын усынды. Онда Мухлиса Азизованың қарақалпақстанлы ҳаял-қызлардың портретлери фотокөргизбеси, режиссёр Рустам Мелиевтиң жаңа қысқа метражлы фильми ҳәм Арал теңизинен илҳамланған Өзбекстанның жетекши дизайнерлери тәрепинен жаратылған кийим моделлери көргизбеси болып өтти.
«Salty Lives» жойбарының мақсети – пүткил дүньяның итибарын алдын ғалаба хабар қуралларында ҳәм ғалаба мәдениятта жарытылмаған темаға қаратыў: климат өзгериўиниң Аралбойы ҳаял-қызларына қандай тәсир етиўи ҳаққында айтып бериў. Париж бул мақсет ушын тосыннан таңланбаған. Тилекке қарсы, дүнья жәмийетшилиги 2015-жылы Париж климат келисими тәрепинен атмосфераға углерод шығындыларын шығарыўды кемейтиў бойынша белгиленген мақсетлерди нәтийжели әмелге асыра алмады. Соның менен бирге, Арал теңизи регионы планетамыздың климат өзгериўи тәсиринен ең көп жәбир көрген, әззи аймақларынан бири.
Жойбар авторларының пикиринше, санааты раўажланған мәмлекетлер глобал ысыўдың унамсыз тәсирин басынан кеширип атырған адамларға көбирек итибар бериўи керек.
Арт-жойбардың биринши бөлиминде қарақалпақстанлы ҳаял-қызлардың фотосүўрет-портретлери көргизбеси болып өтти. Автор Мухлиса Азизова ҳәм фотограф Рустам Мелиев түрли жастағы ҳаялларды миллий қарақалпақ кийиминде Барсакелместиң гөззал кебирликлеринде сүўретке алған. Фотосүўретлер художник Абдураҳмон Мухаммадиевтиң инсталляциясында жайластырылған ҳәм балық аўлаў торлары менен безелген. Портретлер каҳарманлардың жасын көрсететуғын сөзлер менен толықтырылған.
Жойбардың екинши бөлими – фотокөргизбе каҳарманлары қатнасыўында Рустам Мелиев ҳәм oператор Жаҳонгир Ибрагимов тәрепинен сүўретке алынған қысқа метражлы фильм. Фильмниң финалында Адҳам Абдураимовтың авторлығындағы музыка менен шебер үйлескен қарақалпақ анасының пүткил инсаниятқа қаратылған монологы жаңлайды. Интернетте фильмнинг премьераси 25-апрель күни araldream.com. сайтында болып өтеди.
Көргизбениң үшинши бөлимин шөлкемлестириў ушын Өзбекстанның жетекши дизайнер ҳәм модельерлери бирлести. Форумда Арал теңизинен илҳамланған кийим моделлери топлами таныстырылды. Оны жаратыўда Дильноза Умрзакованың Anor, Лали Фазилованың Lali, Зухра Инаттың Moel Bosh, Нилуфар Абдувалиеваның Mursak, Сарвиноз Анварованинг Art ansar Мода үйлери, сондай-ақ, дизайнерлер Нигора Ҳошимова ҳәм Зулфия Султон қатнасты.
Топлам Парижге Барсакелмес кебирликлеринен алып келинген дуз жәрдеминде жаратылған арнаўлы инсталляцияда усынылды. Инсталляция авторы - Саидазим Фазылов.
Aral Dream (Арал арзыўы) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң тийкарғы мақсети дүнья жәмийетшилиги итибарын Арал теңизи экологиялық апатшылығына, Аралбойы аймағы ҳәм Қарақалпақстан халқына қаратыўдан ибарат.
Aral Dream шөлкеми тийкаршыларының пикиринше, пүткил дүнья бул апатшылықты умытқан ҳәм сол себепли Арал темасын жәҳән ғалаба хабар қураллары ҳәм ғалаба мәденияти күн тәртибине алып шығыў ушын ҳәрекет етпекте.
Шөлкемниң және бир әҳмийетли мақсети – аймақта инсан потенциалын, биринши гезекте креатив индустрияларды, яғный дөретиўшилик тараўларды раўажландырыў болып есапланады.
2021-жылы Aral Dream жәмәәти Жеңисбек Пиязов ҳәм ЭЛЕКТРООКО топары қатнасыўында “Ертеңги күн” клипин дөреткен еди, онда Арал теңизи компьютер технологиялары жәрдеминде қайтқан еди. 2022-жылы болса ол Берлинде белгили актёр Эркин Бозоровтың қатнасыўындағы «Sho’rxok» фильмин усынды.
Фильм Aмерикa кинофестивалларында еки сыйлыққа миясар болған. Еки видеоны да Арал Dream Youtube каналында көриўиңиз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети