Жоқарғы Кеңес Аппаратының баспасөз хаткери тайынланды
1707
Айтмуратов Байрам Полатбаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппаратының баспасөз хаткери лаўазымына тайынланды.
Б.Айтмуратов усы күнге шекем Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде бас редактор орынбасары, Өзбекстан Жазыўшылары аўқамы Медиа орай бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинде бас қәниге лаўазымларында жумыс ислеген.