Өзбекстан Президенти Россияның жетекши ислеп шығарыўшылары менен санаат кооперациясын еле де тереңлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти
895
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-апрель күни усы күнлерде Ташкент қаласында өтип атырған «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбесинде Россия делегациясына басшылық етип атырған Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуровты қабыллады. Ушырасыўда еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиў күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды. Мәмлекетимиз басшысы 35 мәмлекет бизнесиниң 5 мыңнан аслам ўәкиллери қатнасыўындағы «Иннопром» форумы табыслы шөлкемлестирилгени ҳәм өткерилип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Товар алмасыў пәтин сақлаў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында санаат кооперациясын тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет аймақларының әмелий шериклигин және де раўажландырыў ҳәм бирге ислесиўди анық жойбарлар менен байытыў ушын кеңнен имканиятлар бар екени атап өтилди. Мысал сыпатында усы ҳәптеде Жиззақ ўәлаятында технологиялық парк иске қосылғаны атап өтилди.
Жойбарлаў офисиниң жумысы шеңберинде, соның ишинде, энергетика, машина қурылысы, аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика сыяқлы бағдарларда ҳәм басқа да тармақларда инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў әҳмийетли екени көрсетип өтилди. Санаат өндирисин қоллап-қуўатлаўда Россия тәжирийбесин енгизиўге қызығыўшылық билдирилди ҳәм қоспа жойбарларды алға қойыўдың институтционаллық механизмлерин күшейтиў зәрүр екени атап өтилди.