Өзбекстан Президенти Қырғызстан менен кооперациялық жойбарларды жедел әмелге асырыў зәрүр екенлигин көрсетип өтти
1203
Ташкент инвестициялық форумының бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Ақылбек Жапаровты қабыллады. Өзбекстан-Қырғызстан көп тәреплеме бирге ислесиўине байланыслы әмелий мәселелер додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жоқары дәрежеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел қарым-қатнас даўам еттирилмекте, әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта. Жақында Ош қаласында Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы театрдың жаңаланған имараты салтанатлы ашылды, Қоқанд қаласында болса спортшылардың спартакиадасы табыслы өткерилди. Аймақлар форумы ҳәм Әўладлар ушырасыўын өткериўге пуқта таярлық көрилмекте.
Мәмлекетимизде автомобиль қурылысы, энергетика, транспорт инфраструктурасы, пайтахтларда саўда үйлерин ашыў бойынша кооперациялық жойбарларды тезлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.