Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслардың машқалаларын тыңлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслардың машқалаларын тыңлады
739
Бүгинги күнде елимизде жасларды озық ойлы, жоқары билимли, физикалық жақтан шыныққан ҳәм руўхый жетик инсан етип тәрбиялаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барлық бағдарларда олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр. Жақында Президентимиз басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасы енгизилди. Оған бола 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлерине бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған 70 жас пенен ушырасып, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлады. Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды. Денсаўлығын беккемлеў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курслары сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди. Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыўда барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыў ашық-айдын пикирлесиў усылында болып, жәрдемге мүтәж жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди. Олардың мәселелери белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша мәнзилли режеге киргизилди.
Айтып өтиў керек, бул да өз нәўбетинде елимизде жасларға болған итибардиң бир көриниси есапланады. Жаслардың машқалаларына шешим табыў бойынша әмелий илажлар даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети