Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел делегациялары басшыларын қабыллады
Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел делегациялары басшыларын қабыллады
1403
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-апрель күни екинши Ташкент халықаралық инвестициялық форум шеңберинде Ислам раўажланыў банки президенти Муҳаммед бин Сулайман ал-Жассир, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Ақылбек Жапаров, Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл ал-Мазруий, Венгрия экономикалық раўажланыў министри Мартон Надь, Саудияның «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы Муҳаммед Абдулла Абунайян ҳәм БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Европа экономикалық комиссиясы (ЕЭК) Атқарыўшы хаткери Ольга Алгаерова менен ушырасыўлар өткерди.
Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммед бин Сулайман ал-Жассир менен ушырасыўда жаңа орта мүддетли шериклик бағдарламасы шеңберинде Банк топары менен кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ҳәзирги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели экономиканың тийкарғы тармақларын қамтып алған ҳалда 1,3 миллиард доллардан артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Форум шеңберинде аўыл ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў бойынша улыўма баҳасы 400 миллион долларлық келисимлерге қол қойылды.
Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, исбилерменлик ҳәм жеке меншик инвестицияларды қоллап-қуўатлаў, қаржы механизмлерин жетилистириў, Банк структураларын жойбарлаў жумысларына белсене тартыў бағдарында анық жойбарларды алға қойыў, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ЖСШға қосылыўы ҳәм инновациялық экосистеманы жаратыў мәселелеринде техникалық жәрдемди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Ақылбек Жапаров пенен ушырасыўда Өзбекстан-Қырғызстан көп тәреплеме бирге ислесиўине байланыслы әмелий мәселелер додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жоқары дәрежеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел қарым-қатнас даўам еттирилмекте, әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта. Жақында Ош қаласында Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы театрдың жаңаланған имараты салтанатлы ашылды, Қоқанд қаласында болса спортшылардың спартакиадасы табыслы өткерилди. Аймақлар форумы ҳәм Әўладлар ушырасыўын өткериўге пуқта таярлық көрилмекте.
Мәмлекетимизде автомобиль қурылысы, энергетика, транспорт инфраструктурасы, пайтахтларда саўда үйлерин ашыў бойынша кооперациялық жойбарларды тезлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл ал-Мазруий менен ушырасыўда Өзбекстан – БАӘ көп тәреплеме бирге ислесиўи шеңбериндеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиўлер алдында министр ал-Мазруий мәмлекетимиз басшысына Президент Шейх Муҳаммед Ол Наҳаян ҳәм Вице-президент, Бас министр, Дубай Әмири Шейх Муҳаммед Ол Мактумның сәлемин жеткерди.
Еки тәреплеме қатнасықлар раўажланыўының ҳәзирги жоқары пәти үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги бир неше жылда товар алмасыў еки есеге артты, 50 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди, инвестициялық жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артты. Биргеликтеги инвестициялық компания табыслы жумыс алып бармақта. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық көриў ҳәм оларды анық мазмун менен байытыў мақсетинде Өзбекстан жетекшиси «жасыл экономика», энергетика, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы, инфраструктура ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Венгрия экономикалық раўажланыў министри Мартон Надь пенен ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың биринши гезектеги илажлары додаланды.
Илажлар ҳәм аймақлар дәрежесиндеги кооперацияны түпкиликли кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Жақын айларда тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў, тереңлескен санаат кооперациясы ушын мөлшерленген структура шәртлерин тез ўақыт ишинде келисиў ҳәм жумысын баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Аўыл хожалығы, фармацевтика, транспорт ҳәм коммуникациялар, нәтийжели қаржы механизмлерин жаратыў бағдарындағы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў жумысларын тезлестириўге келисип алынды.
Саудияның «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы Муҳаммед Абдулла Абунайян менен ушырасыўда ҳәзирги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери ҳәм шерикликти түп-тийкарынан кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның «жасыл энергетика» тармағының раўажланыўына ең көп инвестиция киргизип атырған бул компания менен бирге ислесиў нәтийжели болып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Ҳәзирги күнде альтернатив энергетика тараўында 7,5 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, «жасыл водород» ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарлар жедел таярланбақта. Сөйлесиў ўақтында кооперацияны және де тереңлестириў, биринши гезекте инновациялық жойбарларды, соның ишинде, Өзбекстан – Саудия Исбилерменлер кеңеси шеңберинде әмелге асырыў перспективалары додаланды.
БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Европа экономикалық комиссиясы (ЕЭК) Атқарыўшы хаткери Ольга Алгаерова менен ушырасыўда Турақлы раўажланыў мақсетлерине жедел ерисиў бағдарында БМШ институтлары, соның ишинде, ЕЭК менен көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Орайлық Азия регионы мәмлекетлери ушын арнаўлы бағдарлама шеңберинде нәтийжели бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы ҳәм «Жасыл мәкан» бағдарламасын, жүк тасыўларды санластырыў ҳәм тоқымашылық санааты жойбарларын әмелге асырыў мәселелеринде алмасыўларды даўам еттириўден мәпдар екенин атап өтти.
Сәўбетте БМШ ЕЭК менен тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери де додаланды.