Студентлерге ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў тәртиби белгиленди
622
Еки ҳәм оннан артық студентти ижараға алыўда турақ-жайдың майданы ҳәр бир студент ушын 12 квадрат метрден кем болмаўы керек, деген қағыйда киргизилиўи мүмкин.
Министрлер Кабинетиниң "Жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерин турақ-жай менен тәмийинлеў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарының жойбары жәрияланды.
2023-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерине ижара төлеминиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.
Бунда:
Талабанларға айлық ижара төлеминиң бир бөлеги ижара шәртнамасының суммасына қарамастан Ташкент қаласында - базалық есаплаў муғдарының бир есеси, қалған аймақларда - базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төленеди;
Ижара шәртнамасында еки ҳәм оннан артық студентлерди рәсмийлестириўде турақ-жайдың майданы ҳәр бир студент ушын 12 (он еки) метр квадраттан кем болмаўы керек;
Студентлер қатарына қабыл етилген ҳәм студентлер жатақханасы менен қамтып алынбаған жоқары билимлендириў мекемесинен узақта жайласқан аймақлардан келген биринши басқыш студентлери (турақлы жасаў орны басқа районда (қалада) болған ижара тийкарында жасайтуғын студентлер)не, жоқары оқыў орынларына усы мақсетте ажыратылған қаржылар шеңберинде сентябрь ҳәм октябрь айлары ушын ижара шәртнамасы талап етпей айлық ижара төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи ҳәмде белгиленген тәртипте ижара шәртнамасын усынған студентлерге ноябрь айынан төлемлер даўам еттириледи;
Мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары тәрепинен ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған, бирақ ижара төлемлери усы қарарда белгиленген тәртипте мәмлекет бюджети тәрепинен қапланатуғын студентлердиң 60 процентинен артқан бөлеги ушын айлық ижара төлеминиң бир бөлеги усы жоқары оқыў орынлары тәрепинен тастыйықланған нормалар ҳәм тәртип тийкарында қаржылық имканиятларынан келип шығып бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаплап берилиўи мүмкин.
Студентлер менен дүзилетуғын турақ жай ижара шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы аралықтан турып биометрик идентификациялаў (Face-ID) технологиясы арқалы электрон формада реал ўақыт режиминде есапқа қойыўға рухсат етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети