III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында Қарақалпақстан Республикасының бир қатар көркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасады
1056
Усы жылдың 5-8-май күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өткерилиўи режелестирилген.
Фестивалдың ашылыў ҳәм жабылыў салтанатларына бағышланған концерт бағдарламасына Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти, фестиваль болып өтетуғын орында Қарақалпақстан Республикасы ушын ажыратылған аймақта Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жәмәәти қатнасыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта дөретиўши жәмәәттиң барлық ағзалары Гүлистан қаласына жетип барған ҳәм таярлық жумысларына қатнаспақта.
Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаўдың бақсышылық жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли көркем басшысы Ерисбай Асқаров;
Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Улдәўлет Сәрсенбаева;
Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы Қылышбай Алламуратовлар қатнасыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети