Дәраматы жетерли болмаған пухараларға ипотека кредитин алыў имканияты жаратылды
560
Ипотека кредити ҳәм субсидия менен көбирек пухаралар қамтып алынады:
- 1-майдан баслап рәсмий дәраматы жетерли болмаған пуқараларға да ипотека кредити алыў имканияты жаратылады. Бунда олардың төлеў қәбилетин анықлаўда банк картасындағы айланба, ижара, коммунал ҳәм басқа қәрежетлерге төленген пуллары да есапқа алынады;
- дәслепки төлемди көбирек төлеген пуқаралар банктен арзанырақ кредит алыў имканиятына ийе болады;
- субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек ислетиў ушын субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсириледи. Яғный, бул мүддет қысқартылыўы арқалы субсидиядан көбирек пуқаралар пайдаланыўы ушын имканият жаратылады.
Соның менен бирге, 4 ай даўамында сертификаттан пайдаланбаған пуқараларға субсидия алыў ушын қайта мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.