Халықаралық дәрежедеги сертификатқа ийе оқытыўшыларға үстеме ҳақы төленеди
643
Президент қарары менен Билимлендириў мекемелериниң кеминде С1 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық дәрежедеги сертификатқа ийе шет тиллер (инглис, франсуз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, ҳинд, урду) оқытыўшыларына олардың базалық тариф ставкасына ҳәр ай 50 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеп барылатуғыны белгиленген.
Бунда, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мекемелери оқытыўшыларының кеминде C1 дәрежедеги халықаралық сертификатты алыўы ушын имтихан тапсырыў менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекет бюджетинен педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ушын ажыратылатуғын қаржылардан, ал мәмлекетлик жоқары билимлендириў мекемелери оқытыўшыларының қәрежетлери болса жоқары билимлендириў мекемелериниң өз қаржылары есабынан қапланатуғыны көрсетилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети