Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шаңарақ ағзалары менен бирге Нөкис қаласындағы Алланияз Қаҳарман мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинеде жайласқан 7-референдум участкасында болып, мәмлекетимиздиң келешектеги тәғдири ушын даўыс берди.
Референдум өткериўши участка комиссиясының баслығы Рано Бахиеваның атап өткениндей, аймақта жәми 2 мың 734 пуқара дизимге алынған болып, соннан 19 жас биринши мәрте даўыс береди. Сондай-ақ, 28 кексе жастағы ҳәм майыплығы болған пуқараның даўыс бериўи шөлкемлестирилди. Саат 11.00 ге шекемги мағлыўмат бойынша 1 мың 96 пуқараның даўыс бергенлиги, аймақ турғынларының сиясий процессте белсене қатнасып атырғанынан дәрек береди. Референдум участкасында даўыс бериў даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети