Өзбекстан Президенти Берлинге жөнеп кетти
1010
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мирәт етиўине бола сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти. Сапар бағдарламасына муўапық Берлин қаласында Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер ҳәм Федерал Канцлер Шольц пенен сөйлесиўлер, сондай-ақ, Германияның жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыў өткерилиўи режелестирилген.
Германия пайтахтындағы Жаңа музей ҳәм Джеймс Симон галереясында ашылатуғын «Өзбекстанның археологиялық ғәзийнелери, Александр Македонскийдан Кушанлар империясына шекем» атамасындағы көргизбе менен танысыў нәзерде тутылған.