Аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бағдарында әҳмийетли мәселелерге арналған мәжилис болып өтти
740
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бағдарында әҳмийетли мәселелерге арналған мәжилис болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев басқарып барды.
Өткерилген мәжилисте аўыл хожалығы тараўы ҳәм басқа да жуўапкер мәкемелер ўәкиллери, маман қәнигелер қатнасты. Мәжилисте аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бағдарында тараў ушын азық-аўқат базасын жетилистириў, соның ишинде суў өсимликлеринен аўыл хожалығы маллары, қусшылық, балықшылық ушын азық-аўқат дереги сыпатында пайдаланыў, ақаба суў тармақлары имканиятларын мақсетке муўапық ислетиў сыяқлы бир катар мәселелер сөз етилди. Атап өтиў керек, бүгинги күнде республикамыз аймағында аўыл хожалығы ушын азық-аўқат базасы, тийкарынан, қурғақ өсимликлерден пайдаланыўдан ибарат болып, бунда суў өсимликлери имканиятларынан пайдаланыў нәтийжели жолға қойылмаған. Ал, Қарақалпақстан шараятында ақаба суў тармақларында микроскопик ҳәм жоқары суў өсимликлеринен азықлық базасы сыпатында пайдаланыў мүмкиншилиги бар болса да, бул бағдарда еле әмелиятта кем қолланылмақта. Мәжилисте Пистия (Pistia stratiotes L.), Хлорелла (Chlorella vulgaris), Ряска (Lemna minor L.) сыяқлы суў өсимликлеринен пайдаланыў бойынша жойбар ҳаққында кең түрде атап өтилип, төменги ҳәм жоқары суў өсимликлерин жасалма көбейтиў ҳәм пайдаланыўдан шыққан шығынды суўлардан екилемши суў сыпатында пайдаланыў бағдарында жойбардың мақсетлери сөз етилди.
Суў өсимликлери шығынды суўларды тазалаўда имкан береди ҳәм қоршаған орталыққа унамлы тәсир етеди. Суў өсимликлеринен пайдаланған түрде аўыл хожалығы ушын екилемши суўларды жаратыўда хлорелла, ряска ҳәм пистия бүгинги күнде усыныс етилмекте. Сондай-ақ, бул өсимликлер балықшылық ҳәм қусшылық тараўын раўажландырыўда ҳәм өнимдарлықты арттырыўда әҳмийетли есапланады. Өткерилген мәжилис даўамында жойбар шеңберинде жумысларды нәтийжели жолға қойыўды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети