Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында
1632
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы сыпатында кең түрде белгилениўи, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында дүньядан өткен ата-бабаларымыз естелигин мәнгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздың абырай-итибарын жоқарылатыўға, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған нураныйларды қәстерлеў ҳәмде фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде: 1. Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине 18 000 000 (он сегиз миллион) сум муғдарында бир мәртелик пул сыйлығы белгиленсин. 2. Усы Пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республика бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын. 3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы пул сыйлығының салтанатлы ҳәмде байрамға тән түрде тапсырылыўын тәмийинлесин. 4. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов мойнына жүкленсин.Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ