Республикамыз аймағында жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў бойынша бир қатар келисимлерге келинди
851
Усы жылдың 2-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қытайлы бир қатар ири исбилермен инвесторлары «Fujian Qunfeng Investment Group» компаниясы ўәкили Линь Цяньтао ҳәм Линь Чжун, «BA ASSOCIATION» компаниясы бас директоры Б.Абдуллаевлар менен видео-конференц байланыс арқалы ушырасты.
Онда Өзбекстан Республикасының Қытайдағы елшиси Ф.Арзиев, Өзбекстан елшиханасының мәсләҳатшиси И.Ниязмурадов, Өзбекстан Республикасы бас консулы А.Масутов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Инвестициялар ҳəм сыртқы саўда министри А.Отеулиев, Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев ҳәм басқа да тийисли тараў басшылары қатнасты. Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы мамлекетимизде исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилип атырған жеӊиллик ҳәм кең имканиятлар, Қарақалпақстан Республикасыныӊ инвестициялық орталығы, қазылма байлықлары резервлери ҳәм амелге асырылыўы мүмкиншилиги бар болған жаңа жойбарлар ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ, Қараөзек районы аймағында жайласқан Бүркиттаў мыс кәни тийкарында «Fujian Qunfeng Investment Group» кәрханасы тәрепинен улыўма баҳасы 140 млн. АҚШ долларлық мысты қайта ислеў кластери жойбары ҳаққында түсиник берди ҳәм қытайлы инвесторлар менен бул жойбарды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасына келип үйрениў ҳәм жойбарды иске түсириў бойынша келисип алынды. Соның менен бирге, «City group» кәрханасы тәрепинен жаңа химиялық сода ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған жойбар ҳаққында да атап өтилди. Өткерилген ушырасыў даўамында «Тианженг хайтенг» кәрханасы тәрепинен Бозатаў, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районларында 10 000 бас ири бас қарамалға мөлшерленген шарўашылық комплекси жойбарын әмелге асырыў бойынша да келисимге келинди. Буннан тысқары, Синьцзян-Уйғур автоном провинциясы инвесторлары тәрепинен қосымша Шымбай районы аймағында жәми 50 мың бас ири бас қарамалларға мөлшерленген комплекслер шөлкемлестирилиўи анық белгиленип алынды. Бул жойбар бир неше басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, биринши басқышта Шымбай районы «Тағ-жап» АПЖ аймағында жайласқан ески «ГИГАНТ» шарўа комплексин қайта тиклеў арқалы 25 мыӊ бас ири бас қарамал алып келип бағылыўын жолға қойыў белгиленген. Соның менен бирге, ушырасыўда қурылыс материаллары санааты, каолин өнимин қайта ислеў, фармацевтика жөнелислеринде Өзбекстанға инвесторларды кеңнен тартыў бойынша да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Атап өтиў орынлы, өткерилген ушырасыў көп тармақлы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм кеңейтиўге бағдарланған болып, онда кадрларды қайта таярлаў бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде елимизде билим алып атырған студент-жаслар ушын туризм, логистика, қурылыс, архитектура ҳәм де аўыл хожалығы жөнелислеринде Қытайдың Сичуань провинциясында жайласқан университетлерине Қытай грантлары ажыратылыўын тәмийинлеў айрықша тилге алынды. Қытайдың жергиликли тур-агентлик жөнелислерине Қарақалпақстан Республикасы бойлап саяхат етиў бойынша жөнелис қосылыўы бойынша да өз-ара келисилди. Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиў ҳәм елимиз раўажланыўына үлес қосатуғын ҳәр қандай инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўи әлбетте, қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети